Жақсы нийетлер менен дәслепки туқымлар себилди

Шигит егисиниң басланыўы аўыл хожалығы тараўындағы әҳмийетли ўақыя болып, дийқанлардың мийнетиниң нәтийжеси күткениндей жақсы, зүрәәттиң мол болыўына, халықтың абаданлығының артыўына үмит бағышлайды.
Шоманай районындағы Бегжап аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы “Бахрам илғор” фермер хожалығында быйылғы шигит егисиниң басланыўына бағышланған көргизбели семинар өткерилди.
Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Ш.Тешаев, район ҳәкими А.Аметов ҳәм фермер хожалықларының баслықлары қатнасты.
Сөзге шыққанлар Президентимиздиң тараўға қаратып атырған дыққат-итибары, берилген имканиятларды бирме-бир тилге алып, шигит егиўдиң сапасына байланыслы әҳмийетли ўазыйпаларды атап өтти. Фермерлердиң егис мәўсиминде өз жумысларына жуўапкершилик пенен қараўы ҳәм ең заманагөй технологияларды қолланыўы бойынша пикир-усыныслар билдирилип, әҳмийетли ўазыйпалар атап өтилди.


Буннан соң, семинар қатнасыўшылары жақсы нийетлер менен дәслепки туқымларды сеўди.
Мағлыўмат ушын, быйыл районда жәми 4800 гектар майданға шигит егиў режелестирилген. Соннан 1860 гектарына Қытай технологиясы тийкарында шигит егилип, пахта жетистириў жолға қойылады. 900 гектарына сырт ел сортлары ҳәм 960 гектарына жергиликли сортлар егиледи.
Шигит егиў жумысларын шөлкемлескенлик пенен алып барыў мақсетинде 8 отряд дүзилген ҳәм оларға 51 сүрим тракторы, 161 қатар араларын ислеў тракторы, 52 шигит егиў сеялкасы, 15 жер тегислеўши ҳәм 212 механизатор бириктирилген. Бул егис процесиниң табыслы әмелге асырылыўына кепиллик береди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги