Орнатылған байланыслар беккемленбекте

Алдын хабар бергенимиздей, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов Корея Республикасында хызмет сапарында болып турыпты.
Корея мәмлекетине хызмет сапарының кейинги күнинде Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги (KOICA) ўәкиллери менен де сөйлесиўлер алып барылды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов Арал теңизи апатшылығы ақыбетлерин жумсартыў, Аралбойы регионы халқының саламатлығын беккемлеў, сондай-ақ, Қарақалпақстанда биргеликте жойбарларды әмелге асырыў ҳәм жоқары билимлендириўде бирге ислесиў бойынша KOICA менен тығыз бирге ислесиўлер орнатылғанлығын атап өтти.
Онда KOICA менен орнатылған байланысларды еле де беккемлеў, Қарақалпақстанда IT тараўын раўажландырыў, жоқары оқыў орынлары менен бирге тил үйрениў орайларын шөлкемлестириў, альтернатив энергия дереклеринен пайдаланыўды ен жайдырыў бойынша сөйлесиўлер алып барылды.
Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги (KOICA) менен еки тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў мәселесинде Қарақалпақстанда қоршаған орталықты қорғаў ҳәм IT тараўын раўажландырыў бағдарында грант қаржылары тийкарында 2026-2032-жылларда жаңа жойбарлар әмелге асырылыўы күтилип атырғанын атап өтиў орынлы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги