Парламентлераралық дослық топарлары жумысының раўажландырылады

101

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Иран Ислам Республикасы Исламий Кеңес Мәжилиси менен бирге ислесиў бойынша парламентлераралық топарының Иран Ислам Республикасы Исламий Кеңес  Мәжилисиниң ўәкиллери менен ушырасыўы болып өтти.

Сөйлесиўде кейинги жылларда Өзбекстан – Иран қатнасықлары жаңа пәт пенен раўажланып атырғаны, әсиресе, мәмлекет басшыларының  қызғын ҳәм дослық қатнасығы ҳәм ҳәрекетлери себепли еки мәмлекет арасында бирге ислесиў қатнасықлары жаңа басқышқа шыққаны айрықша атап өтилди.

Еки тәреплеме қатнасықларда парламентлераралық қатнасықлар да әҳмийетли орын  тутатуғыны атап өтилди. Парламентлераралық бирге ислесиўди, соның ишинде,  парламентлераралық дослық топарларының жумысын және де жанландырыў, өз-ара сапарлардың алмасыўын даўам еттириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

– Иран менен  Өзбекстан арасында көп әсирлик тарийхый қатнасықларымыз бар, – дейди Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Аграр ҳәм суў  хожалығы мәселелери комитетиниң баслығы,  топар басшысы Равшан Мамутов. – Халықларымыз арасындағы  бурынғы мәдений-тарийхый қатнасықлар болса Өзбекстан – Иран қатнасықларын раўажландырыў ушын беккем тийкар болып хызмет етпекте.

Әсиресе, соңғы жылларда Өзбекстан-Иран қатнасығы барлық тараў ҳәм бағдарларда раўажланып бармақта.  Атап айтқанда, еки мәмлекет парламентлери арасында тығыз бирге ислесиў алып барылып атырғаны нәтийжесинде парламентлераралық қатнасықлар және де  жеделлести.

Бул  ушырасыў парламентлеримиз арасындағы өз-ара бирге ислесиўди беккемлеў, әмелий қатнасықлардың нәтийжелилигин  және де арттырыў ҳәм нызам дөретиўшилиги тараўында өз-ара тәжирийбе алмасыў, бул бағдардағы бирге ислесиўди және де беккемлеўге хызмет ететуғынына исенемиз.

Дослық  ҳәм  конструктивлик руўхта өткен сөйлесиўлер жуўмағында тәреплер еки мәмлекет арасындағы қатнасық ҳәм әмелий бирге ислесиўди ҳәр тәреплеме беккемлеўде парламентлераралық имканиятлардан  кеңнен  пайдаланыўға келисип алды.

М.Комилова, ӨзА