Парламентлераралық бирге ислесиў және де раўажланады

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Тәжикстан Республикасы Мажлиси Олиниң Мажлиси намояндагон менен бирге ислесиў бойынша парламентлераралық топарының мәжилиси болып өтти. Онда Парламентлераралық топардың 2025-жыл ушын ис-режесинде белгиленген ўазыйпалар ҳәр тәреплеме көрип шығылды.
Бул парламентлераралық топар Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасындағы парламетлераралық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, еки мәмлекет қатнасықларының шәртнамалық-ҳуқықый, нызамшылық базасын жетилистириў мақсетинде Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Кеңесиниң тийисли қарарына муўапық 7 депутаттан ибарат қурамда дүзилген.

Топар басшысы, Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары М.Хожаеваның қатнасыўында өткен мәжилисте кейинги жылларда Өзбекстан-Тәжикстан байланысларының кеңейип атырғаны айрықша атап өтилди. Сондай-ақ, жақында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳманның қатнасыўында сыртқы сиясат уйымларының басшылары Өзбекстан менен Тәжикстан арасында Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы шәртнаманың күшке кириўи ҳаққындағы протоколға қол қойғаны ҳәм ратификация жарлықлары алмасылғанына айрықша итибар қаратылды.
Соның менен бирге, Өзбекстан, Тәжикстан, Қырғызстан мәмлекет басшылары үш мәмлекет шегаралары тутасқан аймақта Дослық стеласының салтанатлы ашылыў мәресимине қатнасқаны, бул мәмлекетлер арасындағы байланысларды буннан былай да беккемлеўге хызмет ететуғыны айрықша атап өтилди.
Мәжилисте еки мәмлекет парламентлери арасында сиясий, экономикалық, мәдений ҳәм социаллық тараўлардағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелери көрип шығылды. Нызам дөретиўшилиги бағдарында өз-ара тәжирийбе алмасыў, дослық қатнасықларын беккемлеў, жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў бойынша қабыл етилген «жол карталары»нда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша парламентлик қадағалаў алып барыў сыяқлы мәселелер парламентлераралық топар жумысының тийкарғы бағдарлары етип белгилеп алынды.
Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзАның хабаршысы