Орайлық банк алтын қуймаларының баҳасы 40 проценттен зыятқа артты
248

Орайлық банк мағлыўматларына қарағанда, 5 граммлық алтын қуйманың баҳасы биринши мәрте 6,7 миллион сумнан асты ҳәм рекорд дәрежени көрсетти. Онда бир грамм алтын 1 миллион 42 мың сумға баҳаланбақта. Бул мәмлекеттиң тарийхында рекорд нәтийже болып, кейинги бир жыл ишинде алтынның кескин қымбатлағанын көриў мүмкин.
Бир жыл бурын – 2024-жылдың апрель айында 5 грамм алтын қуйма баҳасы 4 миллион 720 мың сум әтирапында еди. Бир жыл ишинде бул баҳа 1 миллион 980 мың сумнан зыятқа көтерилип, шама менен 41 процент өсимди көрсетти.
Кейинги жылларда Россия, Қытай ҳәм басқа да мәмлекетлер өзлериниң алтын резервлерин кеңейтиўге ҳәрекет етпекте. Бул болса баҳалардың және де қымбатлаўына түртки болмақта.
ӨзА