Азия раўажланыў банки 30 миллион АҚШ доллары муғдарында кредит ажыратты

Ипотеканы қайта қаржыландырыў компаниясы гезектеги тиккелей (мәмлекет кепиллигисиз) қарыз қаржыларын Азия Раўажланыў Банкинен (АРБ) тартыўға еристи.
Бул ҳаққында Ипотеканы қайта қаржыландырыў компаниясы баспасөз хызмети мәлим етти. Компания ҳәм АРБ арасында 30 миллион АҚШ доллары муғдарында тиккелей (мәмлекет кепиллигисиз) қарыз қаржыларын тартыў бойынша сөйлесиўлер табыслы жуўмақланды ҳәм шәртнамаға қол қойылды.


Тартылған қаржылар Компания тәрепинен коммерциялық шәртлер тийкарында коммерциялық банклер усынатуғын ипотека кредитлерин ҳәм жасыл турақ жайларды қаржыландырыў ҳәм қайта қаржыландырыў ушын қаратылады.
– Бул шәртнамаға қол қойылыўы компания ҳәм АРБ бирге ислесиўи шеңберинде гезектеги әҳмийетли табыс болып табылады. АРБ менен бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, коммерциялық банклерди үзликсиз ресурс пенен тәмийинлеў ҳәм бул арқалы халықтың турақ жайға болған талабын қанаатландырыў, оларға ипотека кредитлери бойынша және де қолайлы шараятларды жаратыўда үлкен әҳмийетке ийе, – дейди Компанияның Бас атқарыўшы директоры Муроджон Фармонов.

ӨзА