Жаслар Азия чемпионы менен ушырасты

218

Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында грек-рим гүреси бойынша еки мәрте Азия чемпионы, елимиздиң мақтанышы Жалғасбай Бердимуратов ҳәм оның тренери Рустам Ерназаров пенен республикамыз жаслары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушырасыў өткерди.

Ушырасыўда Жалғасбай Бердимуратов өзиниң басып өткен өмир жолы, қатнасқан жарыслары, таярлығы, ҳәр күни ислейтуғын шынығыўлары, жеңиске ерисип халықаралық аренада елимиз байрағын көклерде желбиретип, елимиз гимнин жаңлатыўдың заўқы қаншелли мақтанышлы екенлиги ҳаққында айтып берди.

Сондай-ақ, кешеде тәжирийбели тренер Рустам Ерназаров та Жалғасбайдың бүгингидей дәрежеге жетиў жолындағы машақатлы мийнетлерин, тынбай излениўлери ҳәм пидайылығын айрықша тилге алып, тренерлерге жас палўанлар менен бирге ислесиў ҳәм оны тәрбиялаў усыллары ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берди.

-Жалғасбайды маған шәкиртликке 7-класында алып келди,-дейди Рустам Ерназаров.-Оның менен сәлемлескен гезде-ақ, қолының күшли екенлигин сездим. Соңынан оған бир неше шынығыўлар ислетип көрдим. Айтқанымды айтқандай дурыс орынлады ҳәм ол Нөкис Олимпия резервлери колледжине оқыўға қабылланды. Сол ўақыттан баслап, ол барлық қыйын шынығыўларды еринбестен орынлап, дәслеп Қарақалпақстан, соңынан Өзбекстан ҳәм Азия чемпионы болыўға еристи. Жәҳән чемпионатында қола медалын қолға киргизди. 2021-жылдан соң оның карьерасында азы-кем төменлеў болды. Бирақ, ол өзиниң сабырлылығын көрсетип, жақында Иордания пайтахты Амман қаласында өткерилген Азия чемпионатында алтын медалды қолға киргизиўге миясар болды. Мен оның бул жетискенлигинен оғада қуўанышлыман ҳәм алдағы ўақытлары да үлкен жеңислерди қолға киргизиўине тилеклеспен. Ушырасыў даўамында жаслар ҳәм ғалаба хабар ўәкиллери өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Илаж соңында Азия чемпионының жетискенликлери бойынша сораў-жуўап викторинаси өткерилип, жеңимпазлар Жалғасбай Бердимуратов ҳәм Рустам Ерназаровлар тәрепинен естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы