IT: Қазақстан менен бирге ислесиў қатнасықлары кеңеймекте

Қазақстанға сапар шеңберинде Санлы технологиялар министрлиги ҳәм IT Park Uzbekistan делегациясы “BILLZ” компаниясының ўәкиллери менен ушырасты.
“Smart Point Almaty” инновациялық орайында болып өткен сөйлесиў даўамында компанияның региондағы жумысы ҳәм келеси режелери додаланды.
“BILLZ” – усақлап сатыў саўдасы ҳәм бизнеслер ушын санлы басқарыў системаларын усыныс етиўши платформа болып, Өзбекстанда тийкар салынған ҳәм ҳәзир Қазақстан базарында да табыслы жумыс ислемекте.

Компания усақлап сатыў саўдасы кәрханаларына сатыў процесслерин автоматластырыў, қарыйдарлар менен ислесиўди жақсылаў ҳәм бизнестиң нәтийжелилигин арттырыўға жәрдем беретуғын алдынғы шешимлерди усынады.
Ушырасыў даўамында “BILLZ”диң Қазақстандағы жетискенликлери, қарыйдарлар базасының кеңейиўи, бирге ислесиў жойбарлары ҳәм компанияның халықаралық базардағы стратегиясы ҳаққында пикир алысылды.
“BILLZ”диң регионаллық табысы Өзбекстан IT-компанияларының экспорт потенциалы ҳәм технологиялық жетиклигин және бир мәрте тастыйықлайды.

Соның менен бирге, делегация “Smart Point Almaty” орайында “EasyTap”, “Kwaaka”, “Sabre”, “Ioka” компаниялары менен ушырасыўлар өткерди. Сессия шеңберинде Қазақстан стартаплары өз өнимлерин, соның ишинде, финтеч шешимлери, булытлы платформалар ҳәм электрон коммерцияны автоматластырыў қуралларын усыныс етти.
Алматадағы ушырасыўлар еки мәмлекет бизнесиниң биргеликтеги технологиялық басламаларға ҳәм жаңа базарларға шығыў бойынша ҳәрекетлерди бирлестириўге қызығыўшылығы артып баратырғанын тастыйықлайды.
Н.Раҳманова, ӨзА