Өзбекстан –Қытай: жаңа инвестициялық жойбарлар додаланбақта

206

Ҳәзирги күнлерде Аўыл хожалығы министрлиги делегациясы Қытайдың Пекин қаласында өткерилип атырған “Beijing International Digital Agriculture and Irrigation Technology Expo”  көргизбесинде қатнаспақта. Илажда 800 ден аслам ири аўыл хожалығы  ҳәм ирригация тараўындағы компания өз өнимлерин көрсетпекте.

Өзбекстан  делегациясы  көргизбе даўамында өз презентацияларын өткерди ҳәм бир қатар қытай компаниялары менен бирге ислесиў мәселелерин додалады. Соның ишинде, “Beijing Hrunan Technology” компаниясы менен суўды үнемлеўши технологиялар ҳәм суўды  басқарыў өнимлерин енгизиў, “Tianjin Hongwang” компаниясы менен ақыллы  ыссыханалар  қурыў ҳәм арнаўлы  ыссы қапаламалар ислеп шығарыў бойынша  инвестицияларды  әмелге асырыў, сондай-ақ, Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң тәжирийбе хожалығындағы ески ыссыханаларды заманагөйлестириў мәселелери көрип  шығылды.

Сондай-ақ, “Rainborn” компаниясының ўәкиллери менен топырақ мониторингиниң жойбарлары, “Shanghai Argist Co.LTD (https://co.ltd/)” ҳәм “Defa Science and Technology” компаниялары менен бирге ислесиў мәселелери үйренилди.

Делегацияның  сапар режесинде Қытайдың ири университетлери ҳәм миллий орайларының ўәкиллери менен ушырасыўлар өткериў белгиленген.

Муҳайё Тошқороева, ӨзА