Республиканың айырым аймақлары жедел комплексли раўажландырылады

170

«Республика аймақларын жедел комплексли раўажландырыў ушын таңлап алынған район (қала)ларда әмелий илажларды әмелге асырыў ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық, республика аймақларын жедел комплексли раўажландырыўдың тийкарғы мақсетлери етип 16 район (қала)да төмендегилер белгиленди, соның ишинде:

– санаат өндириси көлеми орташа 7-8 процентке, базар хызметлериниң көлеми 15-17 процентке, аўыл хожалығы өндирисиниң көлеми 4-5 процентке турақлы өсиўин тәмийинлеў;

– жумыссызлық дәрежесин 4-5 процентке, кәмбағаллық дәрежесин 5-6 процентке  азайтыў, онда Қоңырат, Асака, Ғаллаарал, Денау районлары ҳәм Марғылан қаласын жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықтан жырақ аймаққа айландырыў.

Қарарға тийкарланып, төмендеги жойбарлар ислеп шығылады, соның ишинде:

2025-жыл 1-июльге шекем Район (қала)ларды жедел комплексли раўажландырыў бағдарламалары (Бағдарлама) шеңбериндеги район (қала)лар орайларының ислеп шығылғанына 10 жылдан аслам мүддет болған бас режелерин 3 категориядағы (реновация, реконструкция ҳәм консервация) зоналарға ажыратып, әпиўайыластырылған  тәртипте ҳәм халық ҳәм исбилерменлердиң усынысын инабатқа алған ҳалда жаңаланған бас реже жойбарлары;

– Асака, Ғыждуван, Ғаллаарал, Хатирчи, Чортоқ, Сырдәрья, Денау, Қува, Шават районлары ҳәм Янгийўл қаласының орайлары ҳәм оларға тутас аймақларда халық ҳәм туристлердиң жасаўы, дем алыўы ҳәм қатнасыўы және хызметлер ҳәм басқа бағдарларда исбилерменлик жумысы ушын қолайлы шараятлар жаратыўға қаратылған мастер реже жойбарлары;

– Хатирчи, Қува ҳәм Чартақ районларында туризм бағдарындағы мастер реже  жойбарлары;

– 2026-жыл 1-январьға шекем Бағдарлама  шеңбериндеги район (қала)  ҳәкимликлеринде ҳуқықый эксперимент ретинде «Халық ҳәм исбилерменлердиң мәплерине хызмет етиў» жаңаша  қатнас тийкарында Жойбар офиси жумысы жолға қойылады.

ӨзА