Өзбекстан ҳәм Иран: парламентлераралық бирге ислесиў және де кеңейеди

Парламентлераралық Аўқамның 150-ассамблеясы мүнәсибети менен елимизге келген Иран Исламий кеңеси Мажлиси Баслығының биринши орынбасары Ҳамидриза Ҳожибобоий басшылығындағы делегация Олий Мажлис Сенатына барды.
Сенат Баслығы Танзила Норбоева ушырасыўда парламентлераралық байланысларды беккемлеў ҳәм ерисилген келисимлердиң орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, саўда-экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланды.

Тәреплер еки мәмлекет арасындағы дослық қатнасықларын избе-из раўажландырыў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Өз-ара товар алмасыў көлеми кейинги алты жылда 1,7 есеге өсип, 2024-жылы 497 миллион долларға жеткени, Өзбекстанда иранлы инвесторлардың қатнасыўында 261 кәрхана жумыс алып барып атырғаны атап өтилди.
Парламентлер арасында системалы сөйлесиў орнатыў ҳәм нызамшылық тараўындағы бирге ислесиўди күшейтиў, жеңиллетилген саўда келисими шеңберинде өнимлер дизимин кеңейтиў бойынша келисимге ерисилди.
Н.Абдураимова,
ӨзА