Өзбекстан Президенти ҳәм ЕТРБ басшысы стратегиялық шерикликтиң тийкарғы бағдарларын додалады

410

«Орайлық Азия – Европа Аўқамы» биринши саммитиниң исбилерменлик бағдарламасы 3-апрель күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев  ҳәм Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң президенти Одиль Рено-Бассониң ушырасыўы менен басланды.

Мәмлекетимиздиң бул абырайлы халықаралық қаржы институты менен кең көлемли бирге ислесиўин және де раўажландырыўдың әмелий тәреплери ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

Өзбекстан ҳәм ЕТРБ арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларында жоқары дәрежеге  ерисилгени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Тийкарғы тармақлардағы  биргеликтеги жойбарлар портфели турақлы кеңейип бармақта. Банктиң мәмлекетимиздиң экономикасына киргизген улыўма инвестициялары 5 миллиард евродан артты, соның ишинде, өткен жылдың жуўмақларына бола дерлик 1 миллиард евроны қурады. Қаржылай жәрдемниң  тийкарғы   бөлеги жеке меншик секторға туўра келмекте.

Мәмлекетимиз бойынша орта мүддетли Шериклик стратегиясы нәтийжели әмелге асырылмақта. ЕТРБ экспертлериниң жәрдеминде банк тараўын трансформациялаў ҳәм бизнес ушын имканиятларды кеңейтиў илажлары көрилмекте.

Ушырасыўда жойбарлардың орынланыў сапасын жақсылаў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў бойынша биргеликтеги жумыслардың өз нәтийжесин берип атырғаны атап өтилди. Процесслерди оптималластырыў ҳәм жойбарларды таярлаўды тезлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Киши ҳәм орта  бизнести раўажландырыў, ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын, соның ишинде, билимлендириў, суў тәмийнаты, турмыслық шығындыларды қайта ислеў сыяқлы әҳмийетли  бағдарларда кеңейтиў мәселелери дыққат орайында болды.

«Жасыл» экономика, углерод шығындыларын азайтыў, санластырыў ҳәм жасалма интеллект, ипотека базары, транспорт коммуникацияларын раўажландырыў ҳәм басқа тараўлардағы бағдарлама ҳәм жойбарлар бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары сыпатында белгиленди.

Усы жыл июнь айында Ташкент халықаралық инвестиция форумы ҳәм Сырт ел инвесторлары кеңесиниң гезектеги мәжилисине таярлық көриў ҳәм оларды өткериў бойынша пикир алысылды.

ӨзА