Пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўда ең әҳмийетли ҳүжжет

188

9-апрель – Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенлигиниң 32 жыллығы мүнәсибети менен салтанатлы илаж болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетиниң баслығы П.Айтниязов, Қарақалпақстан Республикасы Прокурорының орынбасары Е.Қайыпбергенов, Жынаят ислери бойынша Хожели районы судының баслығы С.Даўлетмуратов ҳәм университет профессор-оқытыўшылары, студент-жаслар қатнасты.

Илажды университеттиң илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры И.Турдымамбетов басқарып барды.

Илаж Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери менен басланды.

Илажда сөзге шыққанлар, елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, жаңаланыўлар ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берип, Өзбекстанның ҳәм Қарақалпақстанның жәмийетлик-сиясий раўажланыўында Конституцияның тийкарғы принциплери, яғный, нызам үстинлиги, инсан ҳуқықларының қорғалыўы, әдиллик ҳәм еркинликтиң тәмийинлениўи әҳмийетли роль атқарып атырғанлығын атап өтти.

Ҳақыйқатында да, Конституция мәмлекеттиң ишки ҳәм сыртқы сиясатын белгилеп бериўши ҳуқықый тийкар болып есапланады. Тиккелей усы ҳүжжет арқалы елимизде барлық пуқаралардың тең ҳуқықлылығы, еркинлиги ҳәм әдалатлы жәмийет қурыў мақсетлери әмелге асырылмақта.

Мәмлекеттиң тийкарғы нызамы, әсиресе, демократиялық ҳуқықый мәмлекетти қурыў жолында, пуқаралық жәмийетиниң қәлиплесиўинде үлкен әҳмийетке ийе. Конституцияның халықаралық стандартларға муўапықлығы ҳәм оның барлық пуқараларды тең ҳуқықлы етиўге, барлық тараўларда әдилликти тәмийинлеўге қаратылған принциплери бүгинги күнде мәмлекетти турақлы раўажландырыўға имканият жаратпақта.

Илажда, Конституцияның барлық пуқаралар ушын теңдей имканиятлар жаратыўда, олардың ҳуқықларын қорғаўда ҳәм мәмлекетлик басқарыўда қатнасыў имканиятларын кеңейтиўде әҳмийетли рол атқарғаны атап өтилди.

Атап өтилгениндей, бул илажды шөлкемлестириўден мақсет тек ғана Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 32 жыллығын белгилеў емес, ал оның мазмуны ҳәм принциплерин кеңирек түсиндириў, ҳәр бир пуқараның ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў жолында және де көбирек жумыслар ислеўге ийтермелеў болып табылады.

Илажда, Конституцияның қабыл етилген күнин ҳәр жылы кеңнен белгилеў, әсиресе, жасларымыздың сиясий, ҳуқықый ҳәм руўхый өсиўине хызмет ететуғын әҳмийетли ҳүжжет сыпатында және де кеңнен үгит-нәсиятлаў зәрүрлиги атап өтилди.

Әлбетте, елимизде жүз берип атырған жаңаланыўлар демократиялық ҳәм ҳуқықый мәмлекет қурыў, пуқаралық жәмийетин қәлиплестириў бағдарындағы барлық табысларымыздың барлығы Конституцияда белгиленген принциплердиң турмысқа толық енгизилиўи менен байланыслы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги