Урсула фон дер Ляйен: Орайлық Азия Европа Аўқамы ушын әҳмийетли бирге ислесиўши

188

Быйыл 3-4-апрель күнлери Самарқанд қаласында «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» биринши саммити болып өтеди.

ӨзА хабаршысының Европа комиссиясы Президенти Урсула фон дер Ляйен менен сәўбети бул саммиттиң әҳмийети ҳәм әнжуманнан күтилип атырған нәтийжелер ҳаққында.

– Ҳүрметли Президент фон дер Ляйен, Самарқанд қаласында өтетуғын Европа Аўқамы – Орайлық Азия биринши саммити тәреплер ушын қаншелли әҳмийетке ийе ҳәм келешекте бирге ислесиў қай тәризде раўажланады! ЕА усы қатнасықларды беккемлеў ушын қандай стратегиялық бағдарларды белгилеген!

– Бул саммит Европа Аўқамы ҳәм Орайлық Азия қатнасықларында жаңа бет ашады. Әнжуман Наўрыз байрамынан кейин өткерилиўинде де символикалық мәни бар: жаңаланыў, басланыў тымсалы. Соның ушын Президент Кошта менен бирге Самарқандқа келип, бийбаҳа бирге ислесиўди және де беккемлеў, жаңа басқышқа алып шығыўға таярмыз.

Көп әсирлик тарийхый байланысларымыз бар, Жипек жолы әсирлер даўамында Европаны Орайлық Азия менен байланыстырған. Тек ғана саўда емес, ал идея, мәденият ҳәм инновация алмасыўы да болған. Енди бул бай мийрасқа сүйенген ҳалда, әййемги дәстүрлерди заманагөй ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиўге айландырмақтамыз. Ҳәзирги турақсыз дүньяда Европа ҳәр қашанғыдай ашық-айдынлық ҳәм бирге ислесиў тәрепдары болып қалады.

Европа Аўқамы ушын Орайлық Азия әҳмийетли шерик. Саммитте улыўмалық бағдар ҳәм үстинликлерди белгилеймиз. Бул саўда ҳәм инвестиция байланысларын беккемлеў, таза энергия, оғада әҳмийетли шийки зат ресусрслары ҳәм басқа да тараўларды  қамтып алады.

Ҳәзирдиң өзинде анық қәдемлер қойылмақта. Биз экономикалық байланысларды беккемлеп, жаңа стратегиялық шерикликти иске қоспақтамыз. Бул баслама ертең саммит шеңберинде рәсмий жәрияланады.

-Саммит нәтийжесинде қандай анық жойбар, келисим ҳәм басламалар әмелге асырылады!

– Европа Аўқамының инвестиция стратегиясы – «Global Gateway» додалаў орайында болады, себеби бирге ислесиўден ҳәммемиз мәпдармыз.

Саммитте мен Орайлық Азия ушын «Team Europe» басламасы шеңбериндеги инвестиция пакетин жәриялайман. Бул әҳмийетли ҳүжжет төрт тийкарғы бағдарға қаратылған. Транспорт, оғада әҳмийетли шийки зат ресурслары, санлы тармақ, суў ҳәм энергия транспорты байланыслылығын раўажландырыў бағдарында биз әлле қашан жақсы нәтийжелерге ерисип атырмыз.

2024-жылы өткерилген Инвесторлар форумында ЕА ҳәм халықаралық бирге ислесиўшилер Каспий теңизи арқалы өтетуғын транспорт жолы ушын 10 миллиард евро ажыратыўға ўәде берди.  Быйыл Европа Аўқамы – Орайлық Азия экономикалық форумы менен бир ўақытта екинши Инвесторлар форумын өткерип, ерисилген жетискенликлердиң жуўмағын шығарамыз.

Сондай-ақ, оғада әҳмийетли шийки зат ресурслары бойынша бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм анық инвестицияларды тартыў режелестирилген. Бул бағдарда Орайлық Азияда жергиликли санаатты раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм регионда экономикалық раўажланыўды қоллап-қуўатлаўды мақсет еткенбиз.

– Бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары қайсылар, қандай жаңа басламалар ҳәзирги байланысларды беккемлейди!

– Биз кең көлемли ҳәм жедел бирге ислесиўге ийемиз: саўда, транспорт байланыслылығы, энергия, суў қәўипсизлиги, климатқа бейимлесиў, санластырыў ҳәм билимлендириў тараўларында. Мақтаныш пенен айтыўым мүмкин, соңғы 10 жыл ишинде «Erasmus+» бағдарламасы шеңберинде 10 000 студент ҳәм қәниге Европа ҳәм Орайлық Азия арасындағы алмасыўда қатнасты. Енди «жасыл» ҳәм санлы өзгерислер бирге ислесиўимиз орайында тур.

Орайлық Азия таза технологиялар ушын ең зәрүр шийки зат ресурсларына, үлкен потенциалға ийе. Европа тек ғана шийки затты алып кетиў емес, ал толық баҳа шынжырын жаратыў, яғный қазып алыўдан қайта ислеў ҳәм қайта тиклеўге шекемги процессти қәлиплестириўди мақсет етеди. Бул болса жергиликли жумыс орынларын жаратыў, жоқары экологиялық ҳәм социаллық стандартты тәмийинлеўде айрықша әҳмийетке ийе.

Қәўипсизлик те баслы мәселелерден бири. Европа Аўқамы ҳәм Орайлық Азия терроризмге қарсы гүресте бирге ислесиўди тереңлестиреди, қәўипсизлик бойынша арнаўлы сөйлесиўди жолға қояды.

– Европа Аўқамы климат мәселесине үлкен итибар қаратады. Орайлық Азияда экологиялық бирге ислесиў ҳәм «жасыл» экономиканы раўажландырыў бойынша қандай мәселелер әмелге асырылады!

– Климат форумының ашылыўында қатнасыў ҳәм Өзбекстанды бул әҳмийетли баслама менен қутлықлаў мен ушын үлкен абырай. Орайлық Азия таза энергия орайына айланыўы мүмкин. Бул тек ғана импортқа байланыслылықты азайтып қоймастан, ал үлкен қайта тиклениўши энергия дереклеринен нәтийжели пайдаланыў имканиятын береди.

2030-жылға шекем қайта тиклениўши энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша Глобал басламаға қосылғаны Өзбекстанның стратегиялылқ бағдарға садықлығын көрсетеди. ЕА бул процессти «Global Gateway» инвестиция стратегиясы арқалы қоллап-қуўатлайды. Жаңа инвестиция пакети шеңберинде мен «Team Europe» басламасы бойынша суў, энергия ҳәм климат өзгериўине байланыслы ири қосымша қаржылар ажыратылатуғынын ҳәм «жасыл» жойбарларға және де көбирек инвестиция қаратылатуғынын жәриялайман.

-Европа Аўқамының миграция сиясатындағы реформалары Орайлық Азия пуқараларына қандай тәсир етеди!

– Биз жаңа «Миграция ҳәм баспана бойынша пакт» шеңберинде халықаралық бирге ислесиўди беккемлеўге айрықша итибар қаратып атырмыз. Миграция машқаласын шешиў мақсетинде биргеликте барлық түрдеги нызамсыз жумыс, соның ишинде, мигрантлардың нызамсыз алып өтилиўине қарсы гүресипектемиз. Бул нызамсыз миграцияның тийкарғы факторы болып, ҳәр жылы мыңлаған инсанлар өмирин заяламақта. Соның менен бирге ЕАға тәжирийбели кадрлар ушын нызамлы жоллар ашыўды қоллап-қуўатлап атырмыз.

Миграция – глобал машқала. Европа ҳәм Орайлық Азия бирге ислесиўшилери уқсас қыйыншылықларға ушырамақта. Соның ушын да бул бағдардағы ҳәрекетлер өз-ара пайдалы.

– Самарқанд Өзбекстанның ең әййемги қалаларынан бири. Егер сизге тарийхый естеликлер менен толық танысыў имканияты жаратылса, буннан қандай пайдаланбақшысыз!

-Әлбетте, Президент Кошта менен бирге Өзбекстанның мәдений мийрасының мәңгилик тымсаллары болып есапланған Улығбек обсерваториясы, Әмир Темур мақбарасы ҳәм Регистон майданын зыяратлаймыз. Бул әййемги қала әсирлер даўамында цивилизациялар кесилиспеси болып келгени себепли, Европа Аўқамы-Орайлық Азия биринши саммити ушын мүнәсип дәргай. Гөззал Самарқандты жаңадан ашыўды ынтықлық пенен күтип атырман.

ӨзАның хабаршысы Насиба Зиёдуллаева сәўбетлести