IFMA вице-президенти Ҳасан Йилдиз Миллий олимпиада комитетине келди
175

Усы күнлерде Муайтай ассоциациялары халықаралық федерациясы (IFMA) вице-президенти, Европа ҳәм Түркия муайтай федерацияларының баслығы Ҳасан Йилдиз елимизде болып тур.
Мәртебели мийман Өзбекстан Миллий олимпиада комитетине барды. Оны МОК Бас хаткери Айбек Қасымов күтип алды. Ушырасыў даўамында Ҳ.Йилдиз ҳәм А.Қасымов быйыл Ченжу қаласында өткерилетуғын Пүткил жер жүзилик спорт ойынлары, Ар-Риёд қаласында болып өтетуғын Ислам тилеклеслиги ойынларына өзбекстанлы спортшыларды пуқта таярлаў бойынша пикир алысты.


Сондай-ақ, елимизде бул спорт түрин буннан былай да раўажландырыў, жаслар арасында ғалаба ен жайдырыўды кеңейтиў ҳәм халықаралық қатнасықларды жаңа басқышқа алып шығыў бағдарындағы мәселелер додаланды.
Жавоҳир Тошхўжаев, ӨзА