Юбилей ассамблея қатнасыўшылары мүнәсип күтип алынбақта

5-9-апрель күнлери пайтахтымызда болып өтетуғын Парламентлераралық Аўқамның 150-юбилей ассамблеясына қызғын таярлық көрилмекте. Абырайлы әнжуманда 200 ге шамалас мәмлекеттен ўәкиллер, дүнья парламентарийлери қатнасады.
Ҳәзирги ўақытта ассамблея қатнасыўшылары елимизге келмекте. Мәртебели мйиманларды күтип алыў ҳәм оларға жолдаслық етиўде Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлары да қатнаспақта.

Соның ишинде, Бирлескен Араб Әмирлигиниң ПИ вице-президенти, Федерал Кеңестиң Қорғаныў, ишки ҳәм сыртқы ислер комитетиниң баслығы Али Рашид Ал Нуайми басшылығындағы делегация Ташкентке келди. Оларға Нызамшылық палатасының Экологиялық партия фракциясының басшысы Абдушукур Ҳамзаев жолдаслық етпекте.
Уллы Британия Ўәкиллер палатасының ағзасы Фабиан Хамилтонды болса Нызамшылық палатасының депутаты Бахтияр Пулатов күтип алды ҳәм оған жолдаслық етти. Абырайлы әнжуманға келген Канада Сенаты ағзалары ҳәм жәмәәтлик палатасының ўәкиллерин Нызамшылық палатасының депутаты Гулнарахан Абдувоҳидова күтип алып, мийманларға жолдаслық етпекте.

Сондай-ақ, және бир қатар мәмлекетлердиң ўәкиллери депуталардың қатнасыўында мүнәсип күтип алынып, парламентаризм дүньясындағы әҳмийетли әнжуманға қызғын таярлықлар көрилмекте.

Өзбекстанда өтип атырған бул халықаралық әнжуман тийкарында дүнья нәзери және бир мәрте елимизге қаратылып, мәмлекетимиз бул сиясий сөйлесиўдиң белсенди қатнасыўшысы сыпатында көзге тасланатуғынын атап өтиў керек.
ӨзА