Коррупция – реформалар жолындағы ең үлкен тосқынлық

Мүнәсибет
Коррупция – жәмийеттиң раўажланыўына тосқынлық ететуғын, мәмлекетлик институтларға болған исенимди төменлететуғын унамсыз ҳәдийсе болып есапланады. Әсиресе, турмыслық коррупция күнделикли турмыста пуқаралар ҳәм мәмлекетлик хызметкерлер арасындағы қатнасықларда көринип, халықтың мәмлекетлик системаға болған исенимине унамсыз тәсир көрсетеди.
2025-жыл 5-март күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша миллий кеңестиң мәжилисинде қатнасты. Мәжилисте мәмлекетимизде коррупциядан аўлақ орталық жаратыў бойынша әмелге асырылған жумыслар талқыланып, алдағы ўазыйпалар белгиленди.
Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде коррупцияның реформалар жолындағы ең үлкен тосқынлық екенин атап өтип, кейинги жыллары бул иллетке қарсы гүресиў бойынша қабыл етилген нызамлар ҳәм жаратылған жаңа системалар ҳаққында мағлыўмат берди.
Президентимиз коррупцияға қарсы гүресиўди улыўма миллий ўазыйпа деп атап, ҳәр бир ўатанласымыздың бул процессте белсене қатнасыўы зәрүр екенлигин атап өтти. Кең жәмийетшиликти тартыў, мәмлекетлик емес шөлкемлердиң белсендилигин арттырыў ҳәм коррупцияға маўасасыз қатнасты қәлиплестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Мәмлекет басшысы соңғы жыллары судлардың бийғәрезлигин тәмийинлеў бойынша үлкен реформалар әмелге асырылғанын, бирақ судьяларды мәжилиске шақырыў, оларға ўәкиллигине кирмейтуғын ўазыйпаларды жүклеў жағдайлары да ушырасып турғаны, бирақ, айырым уйымлар тәрепинен судқа тәсир өткериўге урыныўлар елеге шекем даўам етип атырғанын атап өтти.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басшылығында кейинги жыллары мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиўде системалы ҳәм комплексли илажлар әмелге асырылып, бул бағдарда әҳмийетли нәтийжелерге ерисилмекте.
Өзбекстанда коррупцияға қарсы гүресиўдиң ҳуқықый тийкарлары беккемленип, халықаралық стандартларға муўапық жетилистирилмекте.
2017-жылы қабыл етилген “Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында”ғы Нызам бул тараўдағы тийкарғы ҳуқықый ҳүжжетлерден бири болып, мәмлекетлик уйымлар ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының коррупцияға қарсы гүресиўдеги ўәкилликлери менен миннетлемелерин белгилеп берди.
Сондай-ақ, 2020-жыл 29-июньде Президентимиздиң ПП-6013-санлы пәрманы менен Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги шөлкемлестирилди. Бул агентлик коррупцияның алдын алыў, оны анықлаў ҳәм сапластырыў бойынша мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў, сондай-ақ, коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлардың системалы себеп ҳәм шараятларын сапластырыў менен шуғылланады.
Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша мәмлекетлик бағдарламалар ислеп шығылып, әмелиятқа енгизилмекте. 2019-жыл 27-майда Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПП-5729-санлы пәрманы менен коррупцияға қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары белгиленди.
Бул пәрман коррупцияның себеп ҳәм шараятларын анықлаў және оларды сапластырыўдың тәсиршең системасын жаратыўға қаратылған.
Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 6-июльдеги ПП-6257-санлы пәрманы менен мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда коррупциялық факторларды кескин азайтыў ҳәм жәмийетшиликтиң қатнасын кеңейтиў илажлары белгиленди. Бул пәрман коррупцияға қарсы маўасасыз мүнәсибетте болыў орталығын жаратыўға хызмет етеди.
Жоқарыдағы нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм суд алдына қойылған ўазыйпалардан келип шыққан ҳалда Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды системасында да коррупцияның алдын алыў, коррупцияға қарсы гүресиў бойынша жумыслар системалы түрде жолға қойылды.
Мәселен, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2017-жыл 30-августтағы қарары менен “Өзбекстан Республикасы судлары судьяларының әдил судлаўды әмелге асырыўдағы ҳәм суд хызметкерлериниң хызмет ўазыйпаларын орынлаўдағы жумысы даўамында белгили бир ҳәрекетлерди орынлаў ямаса орынламаў ушын ҳақы (пара) усыныс етилгени ҳаққында хабар бериў ҳәм оны көрип шығыў Тәртиби” тастыйықланған. Тәртиптиң мақсети Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды, төменги судлардың судьяларын ҳәм суд хызметкерлерин, Жоқарғы суд жанындағы Судлардың жумысын тәмийинлеў департаменти ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң хызметкерлерин өз хызмет ўазыйпасына садықлық руўхында тәрбиялаў, судтың ҳәм өз кәсиплеслериниң абырайына зыян келтиретуғын ҳәр қандай ҳәрекетлерден өзин тыйыўға шақырыў, пара усыныс етиўге имканият беретуғын шараятларды жаратыўға жол қоймаў ҳәм жәмийетте парахорлық иллетин сапластырыўға жәрдемлесиўден ибарат.
Сондай-ақ, 2024-жыл 27-декабрьде Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Баслығының “Судларда коррупцияға қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы 283-санлы буйрығы қабыл етилди.
Усы буйрық пенен “Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының коррупцияға қарсы гүресиў сиясаты,” “Суд уйымларында мәплер соқлығысыўын басқарыў ҳаққындағы Реже,” “Суд уйымларында коррупцияға қарсы гүресиў тәртип-қағыйдаларының нәтийжелилигин мониторинг етиў ҳәм қадағалаў методикасы,” “Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды ҳәм Жоқарғы суд жанындағы Судлар жумысын тәмийинлеў департаменти ҳәм оның аймақлық бөлимлеринде мәмлекетлик сатып алыўлар процесин шөлкемлестириў бойынша Реже,” “Суд уйымларында коррупциялық қәўип-қәтерлерди анықлаў ҳәм баҳалаў методикасы,” “Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының байланыс каналлары арқалы суд хызметкерлерине байланыслы коррупциялық ҳәрекетлер ҳаққында келип түскен хабарларды қабыл етиў ҳәм көрип шығыў регламенти,” “Суд уйымларында коррупцияға қарсы гүресиў системасының жағдайы ҳаққындағы есабатты қәлиплестириў ҳәм усыныў регламентлери” тастыйықланды.
Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў бойынша әмелге асырылып атырған реформалар, бул тараўда қабыл етилип атырған нызамлар ҳәм Президент пәрманлары мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында коррупциялық факторларды азайтыўға қаратылған.
Бул илажлар нәтийжесинде пуқаралардың мәмлекетлик институтларға, соның ишинде, судқа болған исеними беккемленеди, деп исенемиз.
Жуўмақ орнында барлық кәсиплеслеримизди ҳәм пуқараларымызды коррупцияға қарсы гүресиў процесинен шетте қалмаўға шақырып қаламыз.
Е.Утениязов,
Қарақалпақстан Республикасы судлары
судьялары квалификациялық коллегиясының баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги