Жылдың ең жақсы тәрбияшылары анықланды

205

Шымбай районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы улыўма түрдеги мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери директорының орынбасарлары ҳәм тәрбияшылары арасында «Жылдың ең жақсы тәрбияшысы-2025» кәсиплик таңлаўының районлық басқышы болып өтти.

Таңлаўда педагог-хызметкерлер 6 номинация бойынша, белгиленген үш шәртте өзлериниң педагогикалық шеберлигин, дөретиўшилик қәбилетлерин көрсетти.

Таңлаў жуўмағында, «Ең жақсы директор орынбасары» номинациясы бойынша 26-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми директорының орынбасары Света Шыныбекова, «Ең жақсы жанкүйер тәрбияшы» номинациясы бойынша 2-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң тәрбияшысы Шахноза Амангелдиева, «Ең жақсы дөретиўши-ойлап табыўшы тәрбияшы» номинациясы бойынша 14-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми тәрбияшысы Дилорам Орынбаева, «Инновация ҳәм мәлимлеме технологияларын қолланатуғын ең жақсы тәрбияши» номинациясы бойынша 7-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң тәрбияшысы Қуралай Бердимуратова, «Ең жақсы эко-үгит-нәсиятлаўшы тәрбияшы» номинациясы бойынша 11-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң тәрбияшысы Гүлбахар Пирярова, «Жаңа Өзбекстанда жаңа әўлад балаларын руўхый жетикликке жетелеўши тәрбияшы» номинациясы бойынша 26-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми тәрбияшысы Шолпан Нуржановалар биринши орынларды жеңип алыўға миясар болып, таңлаўдың Қарақалпақстан Республикасы басқышына жолламаларды қолға киргизиўге еристи.

Өткерилген таңлаў жуўмағында, жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы