Екинши Ренессансқа үлес қосқан уламалар қайта үйрениледи

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен қурылған Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайын әҳмийетли контентлер менен байытыў бағдарында илимпазлардың қатнасыўында қызғын додалаўлар болып өтпекте.
Усы сыяқлы илажлардан бири пайтахтымыздағы Темурийлер тарийхы мәмлекетлик музейинде болып өтти. Онда Темурийлер дәўири мәдений мийрасын үйрениў мәселелери додаланды.
Ушырасыўда Екинши Ренессанс дәўири уллы Саҳыбқыран Әмир Темурдан басланып, патша ҳәм шайыр Заҳириддин Муҳаммед Бабур дәўирине келип және де раўажланғаны, бул дәўирде көплеген тарийхый, теориялық ҳәм әдебий шығармалар дөретилгени атап өтилди.

Билдирилген пикирлерге бола, бул шығармалар тек сол дәўирдиң мәдениятын емес, ал улыўма түркий цивилизацияның раўажланыўын көрсетеди.
Оларды изертлеў ҳәм көпшиликке кеңирек таныстырыў әҳмийетли ўазыйпалардан бири есапланады.
- Елимизде бой көтерген беккем ислам цивилизациясы орайы өз аты менен де пүткил тарийхты көрсетеди, – деди Өзбекстан Илимлер академиясы Өзбек тили, әдебияты ҳәм фольклоры институтының жетекши илимий хызметкери Буробия Ражабова. – Орай ислам ағартыўшылығы, философиясы ҳәм исламда өткен уллы ойшылларымыз ҳаққында мағлыўмат береди. Орайда ҳәр бир дәўир өзине тән түрде классификацияланған. Екинши Ренессанс, бул демек, саҳыбқыран Әмир Темурдан басланады, патша ҳәм шайыр Заҳириддин Муҳаммад Бабур дәўирин да қамтып алады.
Бул бағдарда Бабурдың сөзи менен айтатуғын болсақ, 140 жылға шамалас Самарқандта ҳәм Гератта басқарған Темурийлер дәўиринде ислам ағартыўшылығы, мәдениятының жоқарылаўы, пайда болған әдебий ҳәм мәдений мектеплер сыяқлы тәреплер, әне, усы бөлимде сәўлелендириледи.

Бул дәўир Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы шеңберинде үйренилиўи Екинши Ренессанс дәреклерин және илимий пайдаланыўға алып киреди. Усы дәўирге үлес қосқан шайыр ҳәм жазыўшыларды тарийхшылар қайта жаратады. Екинши Ренессанс дәўири отызға шамалас жойбарды өз ишине алады. Әмир Темур ҳүкимдарлығынан басланып, ҳүкимдарлар дәўири төртке бөлинеди.
Саҳыпқыран Әмир Темур дәўиринде басланған цивилизация Заҳириддин Муҳаммад Бабур дәўириндеги өзгерислерди қамтып алады.
Усы жойбар үстинде ислеў илимпазлар, тарийхшылардан көплеген фактологиялық процесслерди талап етеди. Яғный, пухта таярланып атырған жумыслар нәтийжесинде саўлатлы экспоцизия қәлиплестириледи ҳәм бул процесс өзине жараса үлкен мийнетти де талап етеди. Атап айтқанда, елимизде ҳәм сырт елде де бул бағдарда илимий жумыслар алып барылады.
Назокат УСМОНОВА,
ӨзА