Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов Самарқандта

462

Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» биринши саммитинде қатнасыў ушын Өзбекстанға келди.

Самарқанд халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов ҳәм басқа рәсмийлер күтип алды.

Бул саммит күн тәртибине муўапық, Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Европа Аўқамы арасындағы көп тәреплемели қатнасықлар ҳәм әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары көрип шығылады.

Дослық, исеним, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик принциплерине тийкарланған көп тәреплемели Өзбекстан ҳәм Түркменстан қатнасықлары жедел раўажланып атырғанын атап өтиў орынлы.

Бир мысал, өткен жылы өз-ара товар алмасыў көлеми бир миллиард доллардан асқан. Санаат, энергетика, транспорт, аўыл ҳәм суў хожалығы, экономиканың басқа тармақларында өз-ара пайдалы бирге ислесиў раўажланбақта ҳәм кооперация тереңлеспекте.

Биргеликте «Шават-Ташаўз» шегараалды саўда зонасы шөлкемлестирилмекте. Жедел аймақлараралық байланыслар ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыў бағдарламасы шеңберинде илажлар турақлы өткерип келинбекте.

Икром АВВАЛБОЕВ,
Отабек МИРСОАТОВ (сүўрет), ӨзАның хабаршылары