Европа Кеңеси Президенти Бухарада

Европа Кеңеси Президенти Антониу Кошта Өзбекстан Республикасы санлы технологиялар министри Шерзад Шерматов пенен Бухараға келди.
Жоқары мәртебели мийманды Бухара ўәлаяты ҳәкими Батыр Зарипов ҳәм басқа да жуўапкер адамлар күтип алды. Сапар етиўдиң бағдарламасына муўапық Европа Кеңеси Президенти Бухараның тарийхый-мәдений естеликлери менен жақыннан танысты, муқаддес орынларды зыяратлады.
Антониу Кошта Исмоил Саманий мақбарасында болды. Мийманға мақбараның тарийхы, бул жерде кейинги жылларда әмелге асырылған дөретиўшилик, оңлаў-тиклеў жумыслары ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берилди. Мийман елимизде мәдений мийрасты қәстерлеп-сақлаў жумысларына жоқары баҳа берди ҳәм мәмлекетимиз басшысы тәрепинен алға қойылған басламаларды атап өтти.
Буннан соң мийман Арк қорғанында да болды. Делегацияның гезектеги мәнзили Пайы-Калан комплекси болды. Пайы-Калан Бухараның ең көзге көринген тарийхый орынларынан саналып, тек ғана Өзбекстанда емес, пүткил дүньяда Орта Азияның ең дыққатқа ылайық жерлеринен бири болып табылады. Тарийхый ҳәм архитектуралық естеликлер жоқары мәртебели мийманда үлкен қызығыўшылық оятты.

Европа Кеңеси Президенти Антонтиу Кошта Бухараға сапары ўақтында Бухара гилемшилик орайында болып, бул жерде жипектен тоқылып атырған ҳәр қыйлы көлемдеги гилемлердиң тоқылыў процесин бақлады ҳәм гилем тоқыўшылардың қол мийнети менен жаратылып атырған мийнетиниң жемисине жоқары баҳа берди. – Ҳайран қалмастан илаж жоқ. Нәзик ҳәм шырайлы гилемлердиң тоқылыў процесин бақлаў адамға заўық бағышлайды. – Таң қалдым, – дейди Европа Кеңеси Президенти.
Мийманлар Бухара қаласының тарийхый бөлегинде кестешилик, темиршилик ҳәм басқа да өнерментшилик өнимлери менен танысты. Бухараның әййемги өнерментшилик дәстүрлерин сәўлелендирген базар ҳәм саўда орынлары оларға көтериңки кейпият бағышлады.
Соның менен Европа Кеңеси Президенти Антониу Коштаның Бухараға сапары жуўмақланды. Мәртебели мийман сол күнниң өзинде Самарқанд қаласына жөнеп кетти.
Зариф Камилов, ӨзАның хабаршысы