Институт кәсиплик аўқамы бес жылда қандай илажларды әмелге асырған?

194

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты кәсиплик аўқамы комитетиниң 2020-2024-жылларда әмелге асырған жумыслары бойынша есабат-сайлаў конференциясы болып өтти.

Конференцияға Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бойынша жуўаплы шөлкемлестириўшиси Р.Абдурахманов, Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси шөлкемлестириў бөлиминиң баслығы Г.Илмурадова, институт ректоры Қ.Қодиров, сондай-ақ, проректорлар, институт факультетлери, кафедралар ҳәм бөлимлерден делегатлар қатнасты.

Илаж қатнасыўшылары дәслеп профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслардың қолға киргизген табыслары, илимий-дөретиўшилик жумыслары, сүўретлеў ҳәм қол өнери үлгилериниң көргизбеси менен танысып, институтта шөлкемлестирилген Әжинияз музейин тамашалады.

Конференция күн тәртибине муўапық, дәслеп институт кәсиплик аўқамы комитети тәрепинен атап өтилген жыллар даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында кәсиплик аўқамы комитети баслығы Караматдин Гүлимбетовтың есабы тыңланды.

Атап өтилгениндей, ҳәзирги ўақытта институттың кәсиплик аўқамы комитетиниң ағзалары 17 мыңнан аслам болып, хызметкерлер ҳәм студент-жаслардың социаллық-экономикалық, ҳуқықый мәплерин қорғаў, оларға тийисли шараятлар жаратыў бойынша нәтийжели жумыслар алып барылды.

Өткен 5 жыллық дәўир ишинде Социаллық қамсызландырыў есап бетинен 67 хызметкерге санаторияларға жолламалар ушын 236 миллион 437 мың сум қаржы ажыратылған болса, институт кәсиплик аўқамы бюджети есап бетинен 140 хызметкерге денсаўлығын тиклеўи ушын жәми 491 миллион 934 мың сумлық жоллама берилди.

2020-2024-жыллар аралығында институтта жумыс ислейтуғын хызметкерлердиң балалары ушын жазғы дем алыў орайларына жәми 48 жоллама берилип, 59 125 200 сум муғдарында қаржы жумсалды.

Кәсиплик аўқамы комитети тәрепинен олардың шаңарақлық жағдайларын есапқа алған ҳалда 556 адамға 376 342 796 сум муғдарында материаллық жәрдемлер берилди.

Өткен дәўир ишинде ишки туризмди раўажландырыў мақсетинде институттың профессор-оқытыўшылары ҳәм техник хызметкерлери ушын Ташкент, Самарқанд, Бухара, Хийўа, Байсын қалаларына, сондай-ақ, жергиликли Мойнақ, Тахтакөпир, Елликқала, Беруний районларына саяхатлар шөлкемлестирилди ҳәм 583 хызметкерге 438 350 000 сум муғдарында қаржы ажыратылды.

Жетискенликке ерискен жаслар ҳәм профессор-оқытыўшыларды  қоллап-қуўатлаў ҳәм байрам сәнелери мүнәсибети менен хошаметлеў мақсетинде 362 хызметкерге 253 804 000 сум муғдарында қаржы ажыратылды.

Институтта өткерилетуғын ҳәр қыйлы интеллектуаллық, инновациялық, руўхый-ағартыўшылық бағдарындағы таңлаўлар ушын 1 816 728 980 сум, спорт ҳәм саламатландырыў бойынша жарыслар ҳәм илажлар ушын 642 738 000 сум муғдарында қаржы ажыратылды.

Институт ректораты менен дүзилген жәмәәтлик шәртнама тийкарында хызметкерлердиң мийнет шараятларын жақсылаў, айлық мийнет ҳақысын өз ўақтында бериў, мийнетти қорғаў ҳәм техникалық қәўипсизлик мәселелерин жолға қойыў, студентлердиң оқыў шараятларын жақсылаў ҳәм стипендияларын бериў жумыслары өз ўақтында ҳәм толық түрде қадағалаўға алынып, тийисли тәртипте жумыслар алып барылды.

Институт кәсиплик аўқамы комитети өткен дәўир аралығында тараў хызметкерлери ҳәм студентлердиң социаллық-экономикалық мәплерин, ҳуқықларын қорғаў бойынша да бир қатар жумысларды әмелге асырды.

Булардың нәтийжесинде өткен жылы 28-апрель – Дүнья жүзилик мийнетти қорғаў күни мүнәсибети менен өткерилген «Мийнетти қорғаў ҳәм қәўипсизлик бойынша жәмәәтлик қадағалаўды шөлкемлестириў» республикалық таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышында институт Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы тараўында «Ең жақсы кәрхана» номинациясы бойынша жеңимпаз деп табылды.

Конференцияда сөзге шыққан жуўапкерлер ҳәм делегатлар институт кәсиплик аўқамы комитети тәрепинен 2020-2024-жыллар аралығында әмелге асырылған жумысларға жоқары баҳа берди.

Илаж шеңберинде институттың кәсиплик аўқамы комитети баслығын сайлаў ҳәм оның қурамын тастыйықлаў бойынша мәселе де көрип шығылды.

Конференцияда делегатлар тәрепинен жасырын даўыс бериў жолы менен Караматдин Гүлимбетов институт кәсиплик аўқамы комитетиниң баслығы лаўазымына сайланды.

Илажда институт ректоры Қ.Қодиров шығып сөйлеп, кәсиплик аўқамы комитети тәрепинен әмелге асырылып атырған жумысларды айрықша атап өтти ҳәм алдағы жумысларына табыслар тиледи.

Конференция жуўмағында кәсиплик аўқамы комитетиниң белсенди ағзаларына естелик саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги