Мәҳәллелерде қәўипсиз орталықты жаратыў бағдарында тийкарғы ўазыйпалар белгиленди

220

Әмиўдәрья районы ҳәкимлигинде  Өзбекстан Республикасы Президентиниң “2025-жылы республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў системасының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында” қарарының орынланыўын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм келешектеги режелерге бағышланған мәжилис болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң биринши орынбасары Ж.Атаев, район ҳәкими С.Хўжаметов, район Прокуратурасы, Ишки ислер бөлими жуўапкерлери, ҳәким орынбасарлары, бөлимлер, шөлкемлердиң басшылары ҳәм “Мәҳәлле жетилиги” жуўапкерлери қатнасты, – деп мағлыўмат береди Әмиўдәрья районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.

– Бүгинги күнде ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, жынаятшылықты сапластырыў мәселеси мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилген, жынаятшылыққа қарсы гүресиў, ҳуқықбузарлықлардың профилактикасы бойынша ҳуқық қорғаў уйымлары менен бирге жуўапкер уйымларға әҳмийетли ўазыйпалар жүкленген ҳәм бул бағдардағы реформалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылып атыр, – деп атап өтти район ҳәкими С.Хўжаметов шығып сөйлеген сөзинде.

Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң биринши орынбасары Ж.Атаев шығып сөйлеп, жоқарыдағы Президент қарары менен белгилеп берилген мәҳәллелерде қәўипсиз орталықты жаратыў бағдарындағы тийкарғы ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Өткен жылы жынаят жүз берген ҳәр бир мәҳәлледе криминоген жағдайды турақластырыў ҳәм жынаятлардың ерте алдын алыўдың мәҳәллелер кесиминде ҳәр шереклик мәнзилли илажларын белгилеген ҳалда мәҳәлле – район – ўәлаят дәрежесинде оның орынланыўы ушын тиккелей жуўапкер басшылар бириктирилгенлиги ҳәм анық тараўлық жуўапкершилик жүкленгени атап өтилди.

Мәжилис даўамында халықтың ҳуқықый санасын, жәмийетлик белсендилигин ҳәм пуқаралық жуўапкершилигин арттырыў, жынаят жүз бериўине себеп болыўы мүмкин болған социаллық машқалаларды шешиўге жәмийетшилик ўәкиллери, нураныйлар ҳәм мәҳәлле белсендилерин кеңнен тартып барыў, мәҳәллелердиң жәмийетлик орынлары ҳәм турақ жайларында қәўипсиз орталық жаратыў сыяқлы мәселелерге итибар қаратылды.

Соның менен бирге, пуқаралардың турмысы, денсаўлығы ҳәм мүлкине ҳәр қандай қәўиплердиң алдын алыў мақсетинде ҳуқықбузарлықлар профилактикасына заманагөй санлы технологиялар ҳәм техникалық қуралларды кеңнен енгизиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги