Мақсет – бирге ислесиў, медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын арттырыў

188

Хожели районында медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын арттырыў ҳәм халықтың саламатлығын жақсылаў мақсетинде Бухара ўәлаятынан тәжирийбели қәнигелер тартылды.

Бухара ўәлаяты Денсаўлықты сақлаў басқармасына қараслы емлеў-профилактика мәкемелерине қараслы емлеў-профилактика мәкемелериниң жетик қәнигелери усы ҳәптеде Хожели районы медицина бирлеспесинде медициналық тексериўлерди әмелге асырмақта.

Атап айтқанда, 24 шыпакер ҳәм 6 бас мийирбийкеден ибарат топар районлық көп тармақлы орайлық поликлиникасының 3-филиалында өз жумысын баслады.

Медициналық тексериўлер ҳәм мобиль хызметлер шөлкемлестирилип, қәнигелер тәрепинен халыққа заманагөй медициналық хызмет көрсетиў мақсетинде мобиль офтальмологиялық поликлиника, “Өкпе саламатлығы” мобиль автомашинасы, сондай-ақ, УЗИ, ЭКГ ҳәм лабораториялық тексериўлер шөлкемлестирилди.

Шыпакерлер 3 жумысшы топарға бөлинген. Биринши топар 14 қәнигеден ибарат болып, 670 адамды медициналық тексериўден өткерди. Олардан 187 пуқараға амбулатор шараятта, 77 пуқараға район емлеўханасында стационар шараятта емлениў ушын усыныслар берилди. Сондай-ақ, 5 наўқас хирургиялық операцияға жиберилди.

Екинши топар (6 бас мийирбийке) саламат турмыс тәризи ҳәм дурыс аўқатланыў бойынша үгит-нәсият жумысларын алып барды. Бул топар халық арасына кирип, шаңарақларда медициналық мәсләҳәтлер берди.

Үшинши топар ўәлаяттағы ең тәжирийбели 6 хирург-қәнигелерден қуралған болып, олар тәрепинен районлық орайлық емлеўханасында хирургиялық операциялар орынланды.

Бул медициналық сапар даўамында жергиликли халықтың саламатлығына байланыслы машқалалар анықланып, олардың нәтийжели емлениўи ушын барлық шараятлар жаратылды. Соның менен бирге, Бухара ўәлаяты қәнигелериниң тәжирийбеси Хожели районындағы медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын буннан былай да арттырыўға хызмет етеди.

Бундай биргеликтеги жойбарлар келешекте де даўам еттирилиўи режелестирилген болып, халықтың медициналық хызметтен разылығы ҳәм денсаўлығын жақсылаў мақсет етилген.

Бухаралы шыпакерлердиң Хожели районындағы медициналық жумысы даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги