ЮНЕСКО бас конференциясы енди Самарқандта өткериледи

192

Париждеги ЮНЕСКО бас резиденциясында Өзбекстан ҳүкимети ҳәм ЮНЕСКО арасында келисимге қол қойылды. Бул ҳаққында Саида Мирзиёева өзиниң «Telegram»   каналында мәлим етти.

Оған бола, Самарқанд рәсмий ЮНЕСКО Бас конференцияның 43-сессиясы өткерилетуғын  орын сыпатында белгиленди. Итибарлысы сонда, соңғы 40 жыл ишинде бул конференция Парижден басқа жерде өткерилмеген.

«Биз мәденият ҳәм көркем өнер арқалы мәмлекетимизди халықаралық майданда үгит-нәсиятламақтамыз, дүнья халқына  жақынластырмақтамыз. Бул қатнасықлар тиккелей экономикалық нәтийжелерге қосылып, биргеликтеги жойбарлар  ҳәм улыўма идеяларға айланбақта», деген Саида Мирзиёева.

Қарақалпақстан хабар агентлиги