Халықаралық пән олимпиадаларының жеңимпазларына төленетуғын ақшалай сыйлық 5 есеге арттырылады

154

2025-жыл 1-июньнан абырайлы халықаралық пән олимпиадаларының жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелерине төленетуғын бир мәртелик ақшалай сыйлықтың әмелдеги муғдарлары 5 есеге арттырылады.

Бул бағдарда Президенттиң «Өзбекстан Республикасы Президентиниң жаслар менен ашықтан-ашық сөйлесиўинде белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўға байланыслы илажлар ҳаққында»ғы ПП-61-санлы пәрманы қабыл етилди.

Ҳүжжет пенен, сондай-ақ, быйыл 1-июньнан абырайлы халықаралық рейтинг шөлкемлериниң жоқары 100 лик дизимине киргизилген сырт ел жоқары билимлендириў шөлкемлеринде илимий дәреже (PhD ҳәм оған теңлестирилген басқа илимий дәреже) алған 35 жасқа шекемги қәнигелерге турақ жай сатып алыў ушын турақ жай жайласқан аймақтан келип шығып, он жыл мүддетке БЕМниң 2 150 есесине шекемги муғдарда процентсиз ссуда ажыратылады.

Буннан тысқары, 2025-жылдан «Эл-юрт умиди» қорының жаңа стипендия бағдары сыпатында «Жарқын қәбилет» жойбары енгизиледи ҳәм жойбар ушын 300 миллиард сум ажыратылады.

Онда төмендегилер нәзерде тутылады:

– ҳәр жылы қәбилетли, билимге қуштар, шаңарақлық жағдайы аўыр болғаны себепли оқыў имканиятына ийе болмаған кәмбағал шаңарақлардың перзентлерин сырт елде оқытыў мақсетинде ҳәр бир мәҳәлледен белсенди жасларды сайлап алыў;

– сайлап алынған жаслардың қәбилетин анықлаў арқалы оларды имканиятына сәйкес түрде жоқары оқыў орынларына жибериў ушын таярлық курсларында оқытыў;

– «Эл-юрт умиди» қоры арқалы сырт еллерде оқып қайтқан стипендиатлар миллий кадрлар резервине тиккелей киргизиледи ҳәм олар мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер ҳәм мәкемелерине таңлаўсыз жумысқа алынады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги