Сенатта Парламентлераралық аўқамның Бас хаткери менен ушырасыў болып өтти

Усы жыл 2-аперль күни Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева Парламентлераралық аўқамның Бас хаткери Мартин Чунгонг пенен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда Өзбекстанда өткерилетуғын Парламентлераралық аўқамның юбилей 150- ассамблеясына таярлық көриўге байланыслы тийкарғы мәселелер ҳәм парламент реформалары тараўындағы бирге ислесиўди және де раўажландырыў додаланды.

Ассамблеяның Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформаларға толық сәйкес келетуғын «Социаллық раўажланыў ҳәм әдиллик ушын парламент ҳәрекети» темасының тарийхый әҳмийетинеке айрықша итибар қаратылды. Өзбекстан парламенти жумысының унамлы тәреплери басқа мәмлекетлер ушын үлги болыўы мүмкин екенлиги атап өтилди.
М.Чунгонг Өзбекстан парламентиниң Парламентлераралық аўқам менен нәтийжели бирге ислесиўи ушын миннетдаршылық билдирип, мәмлекетимиздиң Парламентлераралық аўқамның жумысына қосып атырған салмақлы үлесин атап өтти.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер Ташкентте өткерилип атырған Парламентлераралық аўқамның юбилей ассамблеясы халықаралық парламентаризм тарийхында әҳмийетли ўақыя болатуғынына ҳәм глобал машқалаларды шешиўде парламентлердиң ролин күшейтиўге исеним билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги