Сенатта гендер теңлик ҳәм ҳаял-қызлар белсендилиги мәселелери додаланды

168

Усы жыл 2-апрель күни Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева Парламентлераралық аўқамның секретарияты Гендер мәселелери ҳәм жаслар бойынша бағдарламалардың басшысы Зейна Ҳилал менен ушырасты.

Сәўбетлесиў даўамында  мәмлекетимизде гендер теңликти тәмийинлеўге қаратылған реформалар алып барылып атырғаны ҳәм онда парламент әҳмийетли роль атқаратуғыны айрықша атап өтилди.

Ушырасыўда тәреплер елимизде өткерилиўи режелестирилген Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей ассамблеясы шеңберинде ҳаял-қызлардың жәмийетлик белсендилигин  арттырыў ҳәм гендер теңликке байланыслы мәселелерге бағышланған форумларды өткериўге  таярлық процесслерин додалады.

Атап өтилгениндей, парламент ҳәм мәмлекетлик уйымлар арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары ҳәм имканиятларын кеңейтиў, олардың социаллық ҳәм экономикалық белсендилигин арттырыўға қаратылған илажларды әмелге асырыў, сондай-ақ, гендер теңликти тәмийинлеўде парламенттиң орны әҳмийетли болып есапланады.

Сәўбетлесиў жуўмағында еки тәреплеме бирге ислесиўди және де беккемлеў ҳәм келешекте ҳаял-қызлар ҳәм жаслар ушын жаңа имканиятларды жаратыў бойынша әмелий қәдемлер ҳаққында келисип алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги