Европа комиссиясы Президенти Урсула фон дер Ляйен Самарқандта

125

Самарқанд қаласында 3-4-апрель күнлери «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» биринши саммити болып өтеди.

Бүгин, 2-апрель  күни усы саммит жумысында қатнасыў ушын Европа комиссиясы Президенти Урсула фон дер Ляйен мәмлекетимизге келди.








Жоқары мәртебели мийманды Самарқанд халықаралық аэропортында Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов ҳәм басқа рәсмийлер күтип алды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өтетуғын  саммитте Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Европа  Аўқамы арасындағы көп тәреплемели қатнасықлар ҳәм әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары көрип шығылады.

Еслетип өтемиз,  бүгин усы саммитте қатнасыў ушын Европа кеңеси Президенти  Антониу Кошта да Самарқандқа келген еди.

И.Аввалбоев, Р.Назарматов, О.Мирсоатов (сүўрет), ӨзА