Гросси БМШтың Бас хаткери болмақшы

181

Аргентиналы дипломат, Атом энергиясы бойынша халықаралық агентлик (МАГАТЭ) бас директоры Рафаэль Гросси БМШ Бас хаткери лаўазымына кандидатурасын қойыў нийетин билдирди. Антониу Гутерриштиң ўәкиллиги 2026-жылы жуўмақланады. Бул ҳаққында «La Nacion» газетасы хабар тарқатты.

– Гутерриштиң избасарын таңлаўға еле кирисилмеди, – деди Гросси Аргентина халықаралық байланыслар кеңеси (CARI) мәжилисинде. Процесс жылдың ақырында, Бас Ассамблея кандидатлар бойынша шақырыў жәриялағанда басланады. Мен бул ҳаққында жүдә көп ойлап атырман.

Өзиниң атап өтиўинше, Гросси Президент Хавьер Милей менен жақын байланыста, оның менен бирге кең көлемли халықаралық мәселелерди  додалаған, соның ишинде бул тема бойынша да көп сөйлескен.

1961-жылы Буэнос-Айресте туўылған Рафаэль Гросси дипломатлық хызметте 35 жылдан аслам тәжирийбеге ийе. Аргентинаның Австралиядағы елшиси, Венадағы халықаралық шөлкемлердеги турақлы ўәкили сыяқлы ҳәр қыйлы жоқары лаўазымларда ислеген.

Гросси 2019-жыл декабрьде МАГАТЭ бас директоры етип тайынланған ҳәм 2023-жылы мартта екинши мүддетке сайланған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги