Баку қаласында «Made in Turon» халықаралық көргизбеси болып өтеди

Усы жылдың 29-30-апрель күнлери Әзербайжан пайтахты Баку қаласында «Made in Turon» халықаралық көргизбеси шөлкемлестириледи.
«Өзтоқымашалықсанаат» ассоциациясы мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, бул илажда тоқымашылық санаатында саўда ҳәм бирге ислесиў байланысларын раўажландырыў, исбилерменлер арасында шерикликти кеңейтиў ҳәм перспективалы жойбарлар додаланады.
Көргизбе түркий дүнья тоқымашылық мийрасы ҳәм заманагөй бағдарларды бирлестириў менен бирге тараўдағы кейинги инновацияларды көрсетеди. Оған Өзбекстан, Қазақстан, Түркия, Түркменстан, Қырғызстан, Россия, Пакистан, Ҳиндстан, Саудия Арабстаны, Қатар, Кувейт, Венгрия, Япония сыяқлы мәмлекетлерден тоқымашылық тараўы қәнигелери, дизайнерлер ҳәм исбилерменлер қатнасады.
Илаж шеңберинде жоқары лаўазымлы адамлар ҳәм жетекши экспертлердиң шығыўлары, тоқымашылық брендлериниң презентациялары, В2В ушырасыўлары ҳәм бизнес сөйлесиўлери, дөгерек сәўбетлери ҳәм тематикалық конференциялар шөлкемлестириледи. Буннан тысқары, эксклюзив бизнес экскурсиялар арқалы қатнасыўшылар тараўдағы алдыңғы тәжирийбелер менен жақыннан танысыў имканиятына ийе болады.
Н.Зиёдуллаева, ӨзА