2025-жылы 2,5 миллиард кВт саат электр энергиясын үнемлеў мақсет етилди

Президенттиң тийисли қарарына тийкарланып аймақларда тутыныўшыларды оптимал энергия ресурсларынан пайдаланыўға өткериў ҳәм энергия үнемлеўши технологияларды орнатыў арқалы 2,5 миллиард кВт саат электр энергиясын ҳәм 1,1 миллиард метр куб тәбийғый газди үнемлеў мақсет етилди.
Оған тутыныўшылар тәрепинен қайта тиклениўши энергия дереклериниң қурылмаларынан пайдаланыў ҳәм қосымша 74 мыңнан артық объектте жәми қуўатлығы 785 МВт болған қуяш панеллерин ҳәм 9 мыңнан артық 1,2 млн литрли қуяш коллекторларын орнатыў есабынан 1,6 миллиард кВт саат электр энергиясын үнемлеў, халқы социаллық жақтан аўыр жағдайда болған 300 мәҳәлледе қуўатлылығы 100 МВттан артық киши қуўатлықтағы фотоэлектр станцияларын қурыў есабынан 45 миллион метр куб тәбийғый газди үнемлеў арқалы ерисиледи.
Буннан тысқары, бюджет шөлкемлеринде энергия үнемлеўши үскенелерден пайдаланыўды кеңейтиў есабынан 39 миллион куб метр тәбийғый газди үнемлеп қалыў да нәзерде тутылған.
Соның менен бирге, 2025-жыл 1-майға шекем Энергетика министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Тармақлараралық энергияны үнемлеў қорының «Жасыл жеңиллик» мәлимлеме системасы бирге ислесиўши коммерциялық банклердиң тийисли мәлимлеме бағдарламалары менен интеграцияланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги