Бәҳәрги егис-мол зүрәәт тийкары

175

Тақыятас районында усы жылдың зүрәәти ушын шигит егиси мапазы басланыўына байланыслы көргизбели семинар өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Ш.Тешаев, Қоңырат, Қанлыкөл, Хожели районларының ҳәкимлери, тараўға байланыслы жуўапкер шөлкемлер, пахта кластерлери ҳәм фермер хожалықлары басшыларының қатнасты.

Семинар даўамында Президентимиз тәрепинен тараўға қаратылып атырған итибар, берилген имканиятлар ҳаққында кең түрде атап өтилди. Шигит егисиниң сапалы усыллары ҳәм фермер хожалықлары итибар қаратыўы керек болған әҳмийетли ўазыйпалар ҳаққында сөз етилип, ҳәким орынбасарларының есабатлары тыңланды.

Илаж даўамында жақсы нийетлер менен атызларға дәслепки туқымлар тасланып, районда егис жумыслары баслап жиберилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги