Аўыл жасларының бәнтлиги тәмийинленбекте

163

Соңғы ўақытларда жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм шаңарағына қосымша дәрамат табыўы ушын мәмлекетимизде бир қатар илажлар алып барылмақта. Усындай илажлар Нөкис районында да алып барылып, жасларды жумыс пенен тәмийинлеўге бағышланған мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилди.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев,  Нөкис районы ҳәкими З.Зайтов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги басқармасы баслығы П.Махсетбаевлар қатнасты.

Мийнет ярмаркасында районда жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм жаслар арасында қояншылық тараўын раўажландырыў мақсетинде аймақтағы жумыссыз болған 33 жасқа 264 нәсилли қоянлар субсидия тийкарында тапсырылды.

Ҳәр бир жасқа 8 бас қояннан берилип ғана қоймастан, бул қоянлар ушын арнаўлы кетеклер ҳәм 1 айлық азықлық өнимлери де берилди.

Бул қоянларды бағыў ҳәм олардың күтими бойынша тәжирийбели қәнигелер тәрепинен арнаўлы семинар да шөлкемлестирилди. Семинар даўамында жаслар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўап алды.

-Мәмлекетимизде биз жаслар ушын жаратылып атырған имканиятлардан кеўлимиз толмақта.  Тез көбейетуғын ҳәм азықланыўы ушын көп қәрежет кетпейтуғын 8 қояннан  субсидия тийкарында алып атырмыз. Бул алдағы ўақытларда шаңарағымызға қосымша дәрамат дереги болатуғынына исенемиз,-дейди Қутанкөл МПЖ турғыны Р.Сибушев.

Қарақалпақстан хабар агентлиги