Көркем өнер ўәкиллеринен 2027-жылдан баслап дәрамат салығы мәжбүрий өндириледи

2027-жыл 1-январьдан баслап көркем өнер ўәкиллеринен дәрамат салығы мәжбүрий тәртипте өндириледи. Бул ҳаққында Салық комитети баслығының биринши орынбасары Мубин Мирзаев мәлим етти.
«Көркем өнер ўәкиллерине 2025 ҳәм 2026-жыллары дәраматлар декларациясын дурыслап, тапсырыў бойынша имканият беремиз. 2027-жыл 1-январьдан баслап егер олар өз дәраматларын толық көрсетпесе ямаса салықлардан қашса, биз салық қадағалаўы тексериўлерин өткерип, салықларды есаплаймыз ҳәм өндиремиз»,-дейди Салық комитетиниң рәсмий қәнигеси.
Мубин Мирзаевтиң сөзлерине бола, көркем өнер ўәкиллери ҳәм қосықшылар, қағыйда бойынша декларация толтырыў ҳәм өз дәраматларын көрсетип, усы тийкарда салыққа тартылыўы керек. Бирақ, жүдә көп көркем өнер ўәкиллери оған әмел етпей атыр. Өз дәраматларын толық декларацияламай атыр.
Атап өтилиўинше, ҳәзир жасырын экономикаға қарсы гүресиў шеңберинде көркем өнер ўәкиллерин салыққа тартыўды нәзерде тутыўшы қарар жойбарын таярлаў процесслери алып барылмақта.