Тулия Эксон: Өзбекстан Парламентлераралық Аўқамның дипломатия, демократия сыяқлы принциплерин қолланып атырған мәмлекетлерден

Усы жылдың 5-9-апрель күнлери Ташкент қаласы жәҳән парламентаризми дүньясындағы ең әҳмийетли ўақыя – Парламентлераралық Аўқамның 150-юбилей ассамблеясы ушын әҳмийетли сөйлесиў майданына айланады.
Усы мүнәсибет пенен Өзбекстанға Парламентлераралық Аўқам баслығы Тулия Эксон келди.
– Абырайлы әнжуманға 2 мыңға шамалас қатнасыўшының жыйналыўы күтилмекте,-деди Т.Эксон. – Бизиң бул жерге сапарымыз Өзбекстанға болған жоқары ҳүрметимизди ҳәм бул жерде алып барылып атырған процесслерге үлкен итибар қаратып атырғанымызды көрсетеди, әлбетте. Соның менен бирге, Өзбекстан Парламентлераралық Аўқамның дипломатия, демократия сыяқлы принциплерин жедел қоллап-қуўатлап атырған мәмлекетлерден бири екенине исенемиз.
Соңғы жыллары әмелге асырылған реформалар жоқары мақтаўға ылайық ҳәм мәмлекетиңиз қандай раўажланып атырғанын көрип турмыз. Усы мүнәсибет пенен және бир мәрте Өзбекстан Президентин ҳәм Сенат Баслығын бул бағдардағы ҳәрекетлериниң нәтийжеси менен қутлықлайман.
Ассамблея даўамында биз әдалат ҳәм социаллық раўажланыў темаларын бирлестирип, оларды қалай үйлесикли түрде раўажландырыў мүмкин екенлигин додалаймыз. Илаж қатнасыўшылары кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеўде парламент ағзаларының роли, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм экология тараўларында халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў, гендер теңликти әмелге асырыў, ҳаял-қызлардың ҳәм жаслар ҳуқықларын қорғаўды күшейтиў, демократия ҳәм нызам үстинлигиниң заманагөй машқалалары сыяқлы әҳмийетли мәселелерди додалайды.
Ассамблея соңында қатнасыўшы мәмлекетлердиң халықаралық бирге ислесиўдиң тийкарғы мәселелери бойынша анық позициясын сәўлелендириўши бағдарламалық ҳүжжет – Ташкент декларациясы қабыл етилиўи күтилмекте.
Норгул Абдураимова,
ӨзА