Қарақалпақстанлы 3 футболшы Азия чемпионатына қатнасады

192

Ертең 3-апрель күни 17 жасқа шекемги жас өспиримлер арасында Азия чемпионаты басланады.

Тарийхта 20-мәрте өткерилип атырған бул жарысқа Ислам Исмаилов басшылығындағы Өзбекстан сайланды командасы да қатнасады.

Командамыз жарыстың дәслепки топар басқышында 3-апрель күни Таиланд, 6-апрель күни Қытай, 9-апрель күни Саудия Арабстаны сайланды командалары менен келеси басқыш жолламасы ушын өз-ара ойнайды. Әҳмийетли тәрепи сонда, сайланды команда қурамында қарақалпақстанлы 3 футболшы, яғный, 9-номерде ҳүжимши  Нурбек Сарсенбаев («Жайҳун»), 12-номерде дәрўазаман Баҳадыр Избасқанов  («Бунёдкор») ҳәм 19-номерде ярым қорғаўшы Азизбек Еримбетовлар да қатнасады.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, егер, сайланды командамыз өз топарында  биринши яки екинши орынды ийелеп,  шерек финалға шықса, онда футболшыларымыз 2025-жылдың ноябрь айында өткерилетуғын жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизеди.

Бул әлбетте, жас футболшыларымыз ушын оғада қолайлы имканият болып табылады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы