Европа кеңеси президенти Антониу Кошта Өзбекстанға келди

159

Усы жылдың 3-4-апрель күнлери Самарқанд қаласында «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» биринши саммити болып өтеди.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өтетуғын бул саммит жумысында қатнасыў ушын 2-апрель күни Европа кеңеси президенти Антониу Кошта мәмлекетимизге келди.

Жоқары мәртебели мийманды Самарқанд халықаралық аэропортында Өзбекстан Республикасы бас министри Абдулла Арипов ҳәм басқа рәсмийлер күтип алды.

Қысқа сәўбеттен соң, Европа кеңеси президентиниң cапар бағдарламасына муўапық гезектеги мәнзилге жөнеп кетти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги