Қытай делегациясы Мәмлекетлик басқарыў академиясына барды

173

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясына Қытай Халық Республикасы Коммунистлик партиясы Орайлық комитетиниң ағзасы, Халықаралық қатнасықлар бөлим баслығы Лю Цзяньчао басшылығындағы делегация келди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы тапсырмалары бойынша мәсләҳәтшиси Сардор Умурзақов пенен ушырасыў алдында ҳәр еки мәмлекет басшыларының өз-ара исеним ҳәм дослық қатнасықлары себепли Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы бирге ислесиў стратегиялық дәрежеге көтерилгени айрықша атап өтилди.

Мәмлекетлик хызметкерлердиң маманлығын арттырыў бағдарындағы еки тәреплеме бирге ислесиўге айрықша  итибар қаратылды.

Өз гезегинде, Лю Цзяньчао еки тәреплеме қатнасықларда ерисилген жетискенликлерди жоқары баҳалап, Қытай  тәрепи Өзбекстан менен барлық тараўларда, соның ишинде, мәмлекетлик хызметкерлердиң маманлығын арттырыў бағдарындағы  жедел бирге ислесиўди даўам еттириўге таяр екенлигин билдирди.

Соң, Академияның мәжилислер залында профессор-оқытыўшылар  ҳәм тыңлаўшылардың қатнасыўында болып өткен сөйлесиў даўамында  жыйналғанларға Өзбекстан- Қытай қатнасықлары ҳәм өз-ара бирге ислесиў ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Н.Абдураимова, ӨзА