Мойнақтағы дуз заводының жаңа қуўатлылығы иске түсти

191

«Мойнақ минерал дузы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен 2071,0 мың доллар қаржы тийкарында дуз ислеп шығарыў заводын кеңейтиў жойбары әмелге асырылды.

Нәтийжеде жоқары сортлы экстра дузларды ислеп шығарыў жолға қойылды.

Ҳәзирги ўақытта бул кәрханада таярланған дуз өнимлери мәмлекетимиздиң барлық аймақларына жеткерип берилмекте. Қосымша экспортқа да шығарылмақта.

Жақында усы заводтың кеңейтилиўи есабынан жаңа қуўатлықлар иске түсирилди ҳәм қосымша 40 жаңа жумыс орынлары жаратылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги