Жынаятшылықтың алдын алыў-әҳмийетли ўазыйпа

180

Кегейли районында жынаяшылықтың алдын алыў бойынша усы жылдың 1-шереги даўамында әмелге асырылған жумысларға бағышланған мәжилис болып өтти.

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Б. Сейтназаров, район ҳәкими А. Камалов ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының жуўапкерлери қатнасты.

Өткерилген илажда шығып сөйлеўшилер тәрепинен аймақта жынаятшылықтың алдын алыў мақсетинде профилактикалық илажларды кеңейтиў, жасларды жынаяшылыққа қарсы саналы тәрбиялаў ҳәм олардың ҳуқықый билимлерин арттырыўға қаратылған бағдарламаларды әмелге асырыў, профилактика инспекторларының  халық пенен нәтийжели бирге ислесиўин жолға қойыў мәселелери кең түрде додаланып, алдағы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўде мәҳәлле жетилиги ҳәм тийисли шөлкемлердиң жуўапкершилиги күшейтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги