Энергия нәтийжелилиги миллий агентлиги шөлкемлестириледи

«Энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўында мәмлекетлик басқарыўды жетилистириў ҳәм энергия сервис компаниялары хызметлериниң базарын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы Президент пәрманы қабыл етилди.
Пәрманға тийкарланып, Министрлер Кабинети жанында Энергия нәтийжелилиги миллий агентлиги (Агентлик) шөлкемлестириледи.
Энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты алып барыў, тараўда қоллап-қуўатлаўшы ҳәм тәсир етиўши илажлар ислеп шығыў ҳәм тәртипке салыў Агентликтиң тийкарғы ўазыйпаларынан бири етип белгиленди.
2025-жыл 1-июльден халықтың турақ жайларының энергия аудитин өткериў қәрежетлери ҳәм қуяш панеллери ҳәм гелиоколлекторлар баҳасының 20 проценти ҳәм ыссылық насослары (ҳаўа, суў ҳәм геомертал) баҳасының 40 процентин, бирақ БЕМниң 50 есесинен аспаған муғдарда қаплаў ушын Агентлик тәрепинен субсидия ажыратылады.
2025-жыл 1-сентябрьге шекем Энергия нәтийжелилигин арттырыў санлы платформасы иске қосылады.
Агентлик жанында бюджеттен тысқары Энергия нәтийжелилигин хошаметлеў ҳәм қоллап-қуўатлаў қоры шөлкемлестириледи.
2025-жыл 1-октябрьге шекем ислеп шығарыўшылар ҳәм импорт етиўшилер ушын технологиялар энергия нәтийжелилигиниң «жасыл» стандартлары енгизиледи.
ӨзА