Өзбекстанда «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» биринши саммити болып өтеди

3-4-апрель күнлери Самарқанд қаласында «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» биринши саммити болып өтеди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өтетуғын саммит жумысында Европа кеңеси Президенти Антониу Кошта, Европа комиссиясы Президенти Урсула фон дер Ляйен, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоңаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон ҳәм Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов қатнасады.
«Келешекке инвестиция киргизиў» сүрени астында өткерилетуғын илажда Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки ҳәм Европа инвестиция банки басшылары да қатнасыўы күтилмекте.
Күн тәртибине муўапық, Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Европа Аўқамы арасындағы көп тәреплемели қатнасықлар ҳәм әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары көрип шығылады.
Инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм товар алмасыўды көбейтиў, инновациялар, «жасыл» энергетика, таў-кән, аўыл хожалығы, транспорт, логистика ҳәм санластырыў тараўларында биргеликтеги бағдарлама ҳәм кооперациялық жойбарларды әмелге асырыў, мәденият, туризм, илим, билимлендириў ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда жедел алмасыўларды даўам еттириў мәселелери дыққат орайында болады.
Делегациялар басшылары халықаралық ҳәм регионаллық сиясаттың әҳмийетли тәреплери бойынша да пикир алысады.
Бағдарламаға муўапық, Орайлық Азия мәмлекетлери жетекшилери ҳәм Европа Аўқамының тийкарғы институтларының басшылары 4-апрель күни өз жумысын баслайтуғын Самарқанд халықаралық климат форумының жалпы мәжилисинде қатнасады.
Буннан тысқары, саммит шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти сырт ел делегацияларының басшылары менен бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар өткериўи нәзерде тутылған.
ӨзА