Жарылыў себепли жәбирленгенлерге зәрүр жәрдемлер көрсетилмекте

Кеше 31-март күни саат шама менен 12.19 да Избасқан районы Мырза Улығбек мәҳәллеси тәҳәрет алыў орнында ҳаўа-газ араласпасы шақнаўы – жарылыў жүз берди.
Бахытсыз ҳәдийсе – жарылыў жүз берген ўақыя орнына дәрҳал өрт өшириў – қутқарыў топарлары, сондай-ақ, ўәлаят ҳәкими Шуҳратбек Абдураҳманов, Айрықша жағдайлар, Ишки ислер басқармаларының басшылары ҳәм жуўапкер адамлары, тех медициналық жәрдем хызметиниң хызметкерлери жетип барған. Жарылыўға байланыслы жағдай толық қадағалаўға алынған.
Кеше ўәлаят ҳәкимлиги, айрықша жағдайлар басқармасы, ўәлаят прокуратурасы тәрепинен ўақыя бойынша дәслепки мағлыўматлар жәрияланды. Жарылыў ақыбетинде 10 пуқара ҳәр қыйлы дәрежеде тән жарақаты алған, 3 пуқара – М.Абдуллаев, Ж.Анваров, Б.Бурханов қайтыс болған.
Хабаршыларымыз Исбасқан районында болып, ҳәдийсе бойынша бир қатар жуўапкер адамлар менен сәўбетлести.
Маҳмуджан Нурматов, Избасқан районы айрықша жағдайлар бөлиминиң баслығы, подполковник:
– Кеше, жоқарыда айтылғанындай, саат 12.19 ларда мешиттиң тәҳәрет алыў бөлмесинде жарылыў жүз бергени ҳаққында хабар алғаннан соң, айрықша жағдайлар бөлиминиң 2 қутқарыў отряды, 2 өрт-қутқарыў экипажы ўақыя орнына дәрҳал жетип келген.
Сондай-ақ, ўақыя орнына Ишки ислер, Миллий гвардия, Тез медициналық жәрдем хызметиниң хызметкерлери де жетип барған. Жарылыўға байланыслы жағдай толық қадағалаўға алынған, зәрүр қутқарыў жумыслары алып барылған.
Ҳәдийсе нәтийжесинде тәҳәрет алыў бөлмесиниң дийўал ҳәм төбе конструкциясына зыян келген, қулап түскен, өрт жүз бермеген.
Жарылыў ақыбетлерин сапластырыў, қутқарыў, жәбирленгенлерге жәрдем көрсетиў жумысларына жоқарыдағы хызметлердиң 500 ге шамалас хызметкерлери менен қәнигелери қатнасты, 70 ке шамалас ҳәр қыйлы техника қураллары тартылды.
Бахытсыз ҳәдийсе себепли қайтыс болған жерлеслеримиздиң шаңарақ ағзаларына ҳәм жақынларына кеўил билдирилди.
Ҳәдийсениң келип шығыў себеплери дүзилген ҳүкиемтлик комиссия тәрепинен үйренилип, тийисли жуўмақлар жәрияланады.
Аҳрарбек Абдужаббаров, Избасқан районы медицина бирлеспесиниң басшысы:
– Бәринен бурын, бахытсыз ҳәдийсе себепли қайтыс болған пуқаралардың жақынларына кеўил билдиремен.
Кеше ўақыя жүз бергени ҳаққында хабар келип түсиўи менен районлық тез медициналық жәрдем хызметиниң шыпакерлери дәрҳал ўақыя орнына жетип барған. Жәбирленгенлер, стресс ҳалатына түскен пуқараларға биринши медициналық жәрдем көрсетилди.
Районлық орайласқан емлеўханасына жарылыў нәтийжесинде ҳәр қыйлы дәрежеде тән жарақатын алған 10 пуқара алып келинген. Олардың екеўине амбулаториялық жәрдем көрсетилип, жағдайы унамлы болғаны ушын үйлерине жуўап берилди. 8 тән жарақатын алған пуқараға биринши медициналық жәрдем көрсетилип, олар ўәлаятлық тез медициналық жәрдем орайына жиберилди.
Ҳәзир жағдайы орташа-аўыр жағдайда болған әне, усы пуқаралар стационар шараятта емленбекте.
Министрлер Кабинетиниң тийисли бийлиги менен дүзилген Ҳүкиметлик комиссия, ўәлаят ҳәкимлиги тәрепинен жарылыў нәтийжесинде қайтыс болған пуқаралардың жерлеў мәресимлерин өткериў, олардың шаңарақ ағзаларына ҳәр тәреплеме жәрдемлесиў бойынша зәрүр барлық жумыслар әмелге асырылмақта.
Бул жағдай бойынша Әндижан ўәлаятлық прокуратурасы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 205-259-статьялары менен жынаят иси қозғатылып, дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Ф. Убайдуллаев,
З.Умрзақов (сурат), ӨзАның хабаршылары