Парламентлераралық Аўқам жумысына байланыслы қолланба таярланды

Быйыл 5-9-апрель күнлери биринши мәрте Өзбекстанда Парламентлераралық Аўқамның 150-юбилей ассамблеясы өткериледи. Бул халықаралық әнжуман тек ғана Өзбекстан емес, ал Орайлық Азияда биринши мәрте шөлкемлестирилип атырғаны менен итибарға ылайық.
Мәмлекетимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысында әҳмийетли тарийхый ўақыя сыпатында тән алынып атырған ассамблеяда 200 ге шамалас мәмлекет ўәкиллери, дүнья парламентарийлери жыйналады.
Парламент изертлеўлери институты тәрепинен «Парламентлераралық Аўқам: статусы, стратегиялық ўазыйпалары ҳәм Өзбекстан менен бирге ислесиўи» атамасындағы қолланба таярланды.
Бул қолланбада Парламентлераралық Аўқам жумысы, оның тийкарғы бағдарлары, шөлкемлестириўшилик дүзилиси, стратегиялық мақсетлери сәўлеленген. Сондай-ақ, Өзбекстанның бул шөлкемге ағзалығы, шөлкем шеңбериндеги жумысы, миллий парламентаризмниң қатнасыў дәрежеси ҳәм бирге ислесиў арқалы ерисилип атырған нәтийжелери талланған. Қолланба абырайлы шөлкемниң жумысы ҳаққында толық мағлыўматқа ийе болыў ҳәм жақыннан түсиниўге жәрдем береди.
Парламентлераралық Аўқам ассамблеясында инсан ҳуқықлары, нызам үстинлиги, жасларды қоллап-қуўатлаў, кәмбағаллықты азайтыў, социаллық қорғаў ҳәм инклюзия, мүнәсип мийнет, гендер теңлик, илим, технология сыяқлы әҳмийетли мәселелер додаланады. Сондай-ақ, климат өзгериўи, ҳаял-қызлар саламатлығы ҳәм парламент дипломатиясына бағышланған семинарлар режелестирилген.
Бул абырайлы әнжуманның Өзбекстанда өткерилиўи мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған түпкиликли реформалар, сыртқы сиясатқа болған халықаралық исеним ҳәм тән алыўдың айқын белгиси болып есапланады.
М.Комилова, ӨзА