«Дослық символы» тарийхтың жаңа бети (+видео)

191

Орайлық Азия мәмлекетлери ғәрезсизликке ерискен болса да, узақ ўақыт олар арасындағы шегаралар жабық еди. Тикенли сым тартып жүзлеген километр қәндек қазылғаны да халықтың ядында. Бүгин болса…тыныш заман келди. Өзбек қырғыз, тәжик пенен туўысқан аға-инидей қәдирдан. Байрам, той-тамашасы бир-бирисиз өтпейди.

Үш халық, үш мәмлекет басшылары қолын-қолына берип әзелий туўысқаншылыққа мәңги естелик орнатыўға қарар етти. Өзбекстан – Тәжикстан – #ырғызстан шегаралары тутасқан кеңликте «Дослық символы» стелласы қурып питкерилди. Оның ашылыўына болса үш халықтың ўәкиллери барды.

«Дослық символы» бир тамырдан өсип шыққан үш дараққа уқсайды. Аўа, ҳақыйқатында да халықларымыз әзелден бир шаңарақтың үш перзентиндей жасап келген. Көкке бой созған үш нәлшелер бийғәрез үш мәмлекеттиң символы. Оларды бир белбеў байлап тур.  Бул – дослық белбеўи. Бүгин болса үш мәмлекет, үш халық мәңгилик туўысқан екени Президентлер қол қойған келисим менен тастыйықланды.

Тәжикстанның Суғд ўәлаятындағы олардың ушырасыўы барысында «Дослық символы»н ашыўға руқсат етилди. Үш мәмлекет бас министриниң орынбасарлары рәңбәрең лентаны кыйып «Дослық символы»н ашты. Бәршениң қәлби мақтанышқа толды. Бирин-бири бүгинги күн менен қутлықлады.

– Алдын пост қойып таслаған еди, бир-биримизди көриўге бара алмайтуғын едик. Енди биймәлел Өзбекстанға келип-кетемиз. Президентлер жүдә халықшыл сиясат жүргизбекте, – дейди Баткент ўәлаяты Зартеш аўылында жасайтуғын Аҳмеджан Жусупов. – Елге бәринен бурын тынышлық керек. Бүгинги ушырасыўдан үмитимиз үлкен. Президентлер бирден-бир мәкан, ортақ базар жаратып беремиз, деп атыр. Исбилерменлик және де раўажланады.

– Тәжикстан – #ырғызстан – Өзбекстан шегараларында бираз машқалалар бар. Шавкат Мирзиёев оларды сапластырыўда инта көрсетти ҳәм бизге үлкен жәрдем берди, – дейди Тәжикстан Республикасы бас министриниң орынбасары Сулайман Ризай Зиёзада. – Тәжик ҳәм қырғыз халықларының әрманлары әмелге асты. Енди шегара мәселесинде ҳеш қандай машқала қалмады. Бул үш мәмлекет  Президентлериниң дана сиясатының нәтийжеси болып табылады.

Аўа, қоңсың тыныш болса, сен тыныш деген нақыл бәршеге бирдей тийисли еди. Сол ушын да адамлар ол өзбек пе, қырғыз ба, тәжик пе бүгинги күннен разы.

– Тәжик жеринде үш перзент қолын-қолына берип «Дослық символы»н ашып берди. Мен бахытлы ҳаялман. Олар менен бирге усы тарийхый ўақыяның қатнасыўшысы болдым, – дейди Тәжикстанның Исфара районынан келген Шохира Йўлдошева. – Шегаралар ашылды, әййемги туўысқанлық тикленди.Уллы шайыр Турсынзада да усындай күнлерди әрман еткен еди.

-Бүгинги күн тарийхта қалады. «Дослық символы» әпиўайы естелик емес. Үш мәмлекет, үш халық ушын муқаддес орынға айланды. Биз, ҳүкимет басшылары Президентлер бүгин қол қойған келисимлерди әлбетте орынлаймыз. Себеби олар халықларымыздың дослығы мәңги болыўына беккем тийкар болып табылады, – дейди #ырғызстан Республикасы бас министриниң орынбасары Бакид Торабаев.

Еле заманлар өтеди. Әўладлар жаңаланады. Бирақ мийрас қалдырып атырған естелик үш халық, үш мәмлекет Президентлериниң тынышлық, туўысқанлық, келешек жолындағы адамгершилик қарарынан әсирлер бойы дерек берип тура береди.

Муҳаммаджан ОБИДОВ

 ӨзАның хабаршысы