Өзбекстан ҳәм Қытай: еки мәмлекет бирге ислесиўи стратегиялық дәрежеге көтерилген

Олий Мажлис Сенатына Қытай Халық Республикасы Коммунистлик партиясы Орайлық комитетиниң ағзасы, Халықаралық байланыслар бөлиминиң баслығы Лю Цзяньчао басшылығындағы делегация келди.
Сенат Баслығы Танзила Норбоева менен ушырасыўда еки мәмлекет басшыларының өз-ара исеним ҳәм дослық қатнасықлары себепли Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы бирге ислесиў стратегиялық дәрежеге көтерилгени айрықша атап өтилди.

Инвестиция, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық, билимлендириў тараўларындағы жойбарлар додаланды. Еки мәмлекет аймақлары арасындағы бирге ислесиўди тереңлестириўге айрықша итибар қаратылды.
Сондай-ақ, тәреплер Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы стратегиялық шерикликти және де раўажландырыў ҳәм парламентлераралық байланысларды тереңлестириў мәселелерин де додалады. Ушырасыўда еки тәреплеме қатнасықларды беккемлеўдиң әҳмийетли механизми сыпатында парламентлер арасында өз-ара бирге ислесиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Ташкентте болып өтетуғын Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей ассамблеясы шеңбериндеги еки тәреплеме әмелий бирге ислесиўдиң перспективалары бойынша пикир алысылды.
Л.Цзяньчао еки тәреплеме қатнасықларда ерисилген табысларды жоқары баҳалап, Қытай тәрепи Өзбекстан менен барлық тараўларда, соның ишинде, экономика, мәденият, туризм ҳәм билимлендириў тараўларында жедел бирге ислесиўди даўам еттириўге таяр екенлигин билдирди.
Ушырасыў соңында тәреплер еки мәмлекет арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў, сондай-ақ, улыўма стратегиялық мақсетлерди әмелге асырыўда әҳмийетли орын ийелейтуғын парламентлераралық байланысларды тереңлестириўди исенимли түрде даўам еттиретуғынын тастыйықлады.
Н.Абдураимова,
ӨзА