Бүгин қарақалпақстанлы боксши Бразилияда беллеседи

201

Кеше Бразилияда бокс бойынша Жәҳән кубогиниң дәслепки күндеги беллесиўлери өз жуўмағына жетти.

Онда Өзбекстан сайланды командасы қурамында -80 кг салмақта Жавоҳир Умматалиев, -55 кг да Миразизбек Мирзаҳаилиов, -70 кгда Иқболжон Холдаровлар өз қарсыласларын жеңип шығып, кубоктиң келеси басқышына жолламаны қолға киргизди.

Бүгин сайланды командамыз қурамында және үш боксшимиз рингке шығады. Әҳмийетли тәрепи сонда бул жарыста -60 кг салмақта қатнасып атырған республикамыз ўәкили Мадияр Данияров түнги саат 23-15 те италиялы Мишель Бальдасси менен беллесиўге түседи.

Сондай-ақ, жарыста сайланды командамыз ағзасы Асилбек Жалилов  -50 кг салмақта қазақстанлы  Нурзат Оңғаров пенен, -85 кг салмақта Акмалжон Исроилов швейцариялы Леонид Бериша менен шерек финал жолламасы ушын өз-ара гүрес жүргизеди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы