Шериклик қатнасықларын және де раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды

131

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип  Эрдоған 30-март күни болып өткен телефон арқалы сөйлесиўде пүткил мусылман үмметти ушын муқаддес болған Рамазан ҳайыты мүнәсибети менен бир-бирлерин қызғын қутлықлады. Мәмлекет басшылары  туўысқан халықларымызға тынышлық, абаданшылық ҳәм раўажланыў тиледи.

Өзбекстан-Түркия кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын және де раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Барлық  дәрежелерде  жедел сөйлесиўлер даўам етип атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Товар алмасыў ҳәм инвестициялардың көлеми, биргеликтеги жойбар ҳәм кәрханалардың саны, тиккелей авиақатнаўлар көбеймекте.

Жоқары  дәрежедеги Стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң болажақ гезектеги мәжилиси ҳәм Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң режедеги саммитине таярлық көриўге  айрықша итибар қаратылды.

Өзбекстанда  болажақ Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилиси ҳәм биргеликтеги бизнес форумын, сондай-ақ, Түркия Уллы миллет мәжилиси делегациясының Парламентлераралық аўқам Ассамблеясының 150-сессиясында қатнасыў  ушын сапарын нәтийжели өткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Мәмлекет  басшылары халықаралық әҳмийетке ийе тийкарғы мәселелер бойынша да пикир алысты.

ӨзА