Түркменстанда ири халықаралық конференция болып өтти

179

Аркадағ қаласында «Тынышлық ҳәм исеним жылы: балалар ушын халықаралық жумысларды раўажландырыў» атамасында халықаралаық конференция болып өтти.

Гурбангулы Бердимухамедов атындағы қайырқомлық қорының дүзилгенине төрт жыл толыўы мүнәсибети менен шөлкемлестирилген илажға Өзбекстан Республикасы Президентиниң жәрдемшиси Саида Мирзиёева қатнасты.

— Огулжахон Гурбангулиевна Атабаева ханымның мирәт етиӯи бойынша Түркменстанда шөлкемлестирилген халықаралық конференцияда қатнасыў шарапатына миясар болдым, — деди Президент жәрдемшиси. — Халықларымызды тек ғана қоңсышылық емес, ал әсирлер даўамында қәлиплескен туўысқанлық байланыслар, ортақ мәденият ҳәм уллы тарийх байланыстырып турады.

Конференцияға Қазақстан, Тәжикистан, Қырғызстан, Түркия, Иран Ислам Республикасы, Россия Федерациясы, Қытай Халық Республикасы, Беларусь, Ҳиндистан, Грузия, Армения, Пакистан Ислам Республикасы, Австриядан ўәкиллер, сондай-ақ, халықаралық шөлкемлердиң мәмлекетлик структураларының ҳәм жәмийетлик шөлкемлериниң басшылары қатнасты.

 

Илажда жас әўладтың физикалық руўхый саламат раўажланыўы, аналар ҳәм балалардың денсаўлығын қорғаў мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бири екенлиги атап өтилген.

Бундай ийгиликли ислер ата-бабаларымыздың адамгершилик дәстүрлеринен күш алады.

— Гурбангулы Бердимухамедов атындағы қайырқомлық қорының жумысы менде үлкен тәсир қалдырды — бул балаларға ғамқорлық, жуўапкершилик ҳәм шын сүйиспеншиликтиң айқын көриниси, — дейди Саида Мирзиёева. — Бүгинги форум келешек әўладлар мәпи ушын биргеликте ислесиў, тәжирийбе алмасыў ҳәм өз-ара нәтийжели байланыслар ушын жаңа имканиятлар ашатуғынына беккем исенемен. Биз бирге ислесиўге бәрқулла таярмыз ҳәм биргеликте перзентлеримиз ушын буннан да көбирек жумысларды ислей алыўымызға беккем исенемен. Себеби олардың бахты — бизиң улыўма келешегимиз.

Беҳруз Худойбердиев таярлады
ӨзА